Кеше Бахрейн пайтахты Манама қаласында аўыр атлетика бойынша ересеклер арасында өткерилип атырған жәҳән чемпионатында бир қатар салмақ категориялары бойынша беллесиўлер болып өтти.

Атап айтқанда, -89 кг салмақта жарысқа қатнасқан Өзбекстан сайланды командасы ағзасы Сарварбек Зафаржонов штанганы тикке көтериўде 171 кг нәтийже менен қола медалын қолға киргизиўге миясар болды.

Буннан алдын Муҳаммадқодир Тоштемиров жәҳән чемпионатының бир гүмис ҳәм қола медалын жеңип алған еди.

Бүгин  96 кг салмақта ерлер, 76 кг да ҳаял-қызлар жәҳән чемпионлығы ушын гүреске кириседи.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы