Қарақалпақстан Республикасы денсаўлықты сақлаў системасының раўажланыўында мәмлекетлик медициналық мәкемелериниң қатары жеке меншик сектор үлесин де көбейтиўге айрықша итибар қаратылмақта.
Хожели районындағы «Разы» медициналық клиникасы исбилермен Айдос Разатдиновтың басламасы менен шөлкемлестирилген. Клиникаға «Өзмиллийбанк» акционерлик жәмийети Қарақалпақстан филиалы тәрепинен берилген 1,5 миллиард сумлық жеңиллетилген кредит есабынан Германия, Япония ҳәм Қытайдан келтирилген бир неше түрдеги медициналық үскенелер орнатылған. Ҳәзирги ўақытта бул медицина мәкемесинде лаборатория, УТТ, физиотерапия, гинекология, лазеротерапия ҳәм және де бир қанша медициналық хызмет жолға қойылған. Сондай-ақ, емлеў ханалары да бар.
Бул жерге тексериўден өтиў ҳәм емлениў ушын қоңсы районлардан да наўқаслар келмекте.
Клиникада медициналық хызмет түрлерин және де кеңейтиў мақсетинде жақын күнлерде заманагөй компьютер томографиясы үскенесин алып келиў режелестирилген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги