Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февраль күнги «Қарақалпақстан Республикасында халық ушын мүнәсип турмыслық шараятларды жаратыў ҳәм мәҳәллелердиң инфраструктурасын және де жақсылаў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында әмелге асырылып атырған кең көлемли жумыслар орынларда нәтийжели даўам етпекте.

Тийкарғы мақсети – шараяты аўыр шаңарақларды қоллап-қуўатлаў, аўыл ҳәм мәҳәллелердиң инфраструктурасын раўажландырыў болған усы ийгиликли илажлар шеңберинде, Шоманай районындағы Дийқанабад аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы Қалбай Караматдиновтың та турақ жайының төбеси шифрлап берилмекте.

Бул қарарда Нөкис қаласы ҳәм арқа районлардағы аўыр турмыс шараятындағы шаңарақларға тийисли турақ жайлардың төбесин оңлаў (шиферлаў) ҳәм жасаў ушын жарамсыз ҳәм авариялық жағдайдағы турақ жайларды тазадан қурыў жумысларының жыйма параметрлери белгиленген.

Әлбетте, бул қарар, Президентимиздиң халқымыздың турмыс шараятларын жақсылаўға қаратылған инсаныйлық сиясатының айқын үлгиси болып есапланады.

Қалбай Караматдиновтың өзи ҳәм әкеси жаратылып атырған имканиятлар ушын Президентимизге ҳәм район басшыларына өз миннетдаршылығын билдирди. Олар атап өткениндей, бул жақсылық олардың турмысында үлкен өзгерислер алып келеди ҳәм турмыс шараятларын сезилерли дәрежеде жақсылайды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги