Адамды ўақыт ишинде «жойтылыўы»на себеп болып атырған, диний баянаттан баслап, уятсыз контентлерди да өз ишине алған платформа – күн темасы.

«ТикТок» – 2016-жыл Қытайда «Доойын» аты менен иске қосылған, 2017-жыл халықаралық базарға «ТикТок» бренди астында шыққан социаллық медиа тармағы. Пайдаланыўшыларға 15 секундтан 3 минутқа шекем даўам ететуғын қысқа видео көринисти жаратыў ҳәм бөлисиў имканиятын береди. Инновациялық формат, адамларды  тартыў усыллары менен жүдә тез ен жайылып, халыққа тез белгили болды. Тилекке қарсы, ҳәзирги күнде бул платформаның социаллық кери тәсири ҳәм унамсыз тәреплери де пайда болған.

Жаратылыўы ҳәм мақсети

«ТикТок» дәслеп Қытайдың « ByteDance » компаниясы тәрепинен ислеп шығылған. Чжан Имин басшылығындағы команда қысқа видео жаратыўға мөлшерленген жаңа платформа ислеп шығыў мақсетинде бул жумысты баслаған. Тийкарғы мақсет оқыўшыларға креативлик көрсетиў, турақлы байланыста болыў ҳәм кеўил ашар контент жаратыў имканиятын бериў екени айтылады.

Бул жойбар тийкарында жайласқан алгоритм пайдаланыўшылыардың қызығыўшылығына сәйкес контент усыныс етеди. Бул болса өз гезегинде платформа тез ўақыт ишинде ен жайылыўына себеп болады. «ТикТок»тың «дуэт», «реакция» сыяқлы функциялары адамларды өз-ара қарым-қатнасқа ийтермелейди.

Унамсыз тәреплери

Ҳәзирги ўақытта «ТикТок» оператив тарқалыўы менен бир қатарда машқалаларды да келтирип шығарды.

Мағлыўмат қәўипсизлиги. Мағлыўмат жыйналыўы ҳәм сақланыўы пайдаланыўшылардың жеке турмыслық қәўип астына қойыўы мүмкин.

Байланып қалыў. Қысқа видео жәрдеминде адамда ўақтын бийкарға жумсаўға бейимлик пайда болады. Көпшилик бул тармақ себепли ўақтын басқарыўға қыйналмақта, бул руўхыятқа унамсыз тәсир көрсетиўи мүмкин.

Үрпәдетлердиң жоқ болып кетиўи. Айырым материаллар унамсыз ҳәрекетти үгит-нәсиятламақта. Нәтийжеде қәдириятларға зыян жетип, жаслар арасында надурыс түсиниклер көбейип кетиў итималы артпақта.

Вирус. Турақлы түрде жаратылатуғын жаңа трендлердиң айырымлары зыянлы болыўы ямаса қолайсыз ҳәрекет пайда етеди.

Қулласы, социаллық байланыстың жаңа түри – «Тик-Ток»тың унамсыз тәреплери де көп. Платформа жас әўлад ушын креативлик дереги сыпатында көринбекте. Тек ғана белгили қәўиптен турақлы сергеклик зәрүр. Пайдаланыўшы өз ўақытын басқарыў ҳәм жеке мағлыўматын қорғаў мәселесине айрықша қатнаста болыў керек.

Тек ғана анализлеў арқалы атамадағы сораўға анық жуўап айтыў пикиринен жырақпыз. Ҳәр қандай технология сыяқлы «Тик-Ток»да дурыс пайдаланылғанында унамлы нәтийже бериўи мүмкин екенлигин еслетпекшимиз.

Мусулман Зиё, ӨзА