Ташкент қаласында “FINNEXT Asia – 2024” халықаралық қаржы инновациялар форумы болып өтти. Онда қаржы системасындағы жетекши компаниялардың топ-менеджерлери, басшылары, соның ишинде, 37 банк, 2 төлем системасы, 15 төлем шөлкемлери ҳәм 5 ири телеком ўәкиллери, сондай-ақ, сырт еллерден келген 100 ден аслам жетекши банк ҳәм финтех компанияларының ўәкиллери қатнасты.
Илажда Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының орынбасары М.Косназаров қатнасып, жетекши дәстүрий тәмийнат ҳәм финтех хызметлерин көрсетиўши компаниялардың ўәкиллери менен сөйлесиўлер алып барды.
Атап айтқанда, “beGateway” (Қазақстан) компаниясы менен онлайн төлемлерди қабыл етиў системалары ҳәм “white label” – шешимлерин енгизиӯ бағдарында ҳәм АБС “АРТ банк” (Россия) компаниясы менен исбилерменлик тараӯында санлы трансформация етиў ушын микросервис хызметлерин әмелге асырыӯда бирге ислесиӯ бойынша пикир-усыныслар алмасылды.
― “FINNEXT Asia – 2024” форумы халықаралық қатнасықларды беккемлеў, төлем технологияларын раўажландырыў, жасалма интеллектти әмелге енгизиў, санластырыў ҳәм кибержынаятшылыққа қарсы гүресиў бағдарында үлкен әҳмийетке ийе. Илажда банк ҳәм төлем системасын санлы трансформациялаў, жасалма интеллектти әмелге енгизиў, необанклердиң ролин ҳәм бәсекини күшейтиў, банклер ҳәм финтех компаниялары арасында бирге ислесиў байланысларын беккемлеў бағдарында мәселелер додаланды,-дейди басқарма баслығының орынбасары М.Косназаров.
Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен исбилерменликти буннан былай да раўажландырыў, бул бағдарда заманагөй байланысларды ҳәм техникаларды әмелге енгизиў бойынша илажлар даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги