Мәмлекетимиз бойлап алып барылып атырған «Жасыл мәкан» улыўмамиллий жойбары Мойнақ районында да шөлкемлескенлик пенен даўам етпекте. Районлық газ тәмийинаты бөлимине режеде 1700 дана терек егиў белгиленген болса, соннан 300 дана терек район орайындағы көп қабатлы турақ жайлар әтирапына, 1400 данасы «Шағырлы» аўылындағы бағқа егилди.
Президентимиз тәрепинен айрықша итибарға алынып, елимизди жасыл майданға айландырыў ушын алып барылып атырған бул илажды Мойнақ районы газ тәмийинаты бөлими жәмәәти ушын да жуўапкершиликли түрде даўам еттирмекте. Жәмәәт ағзалары бул саўаплы ҳәм қайырлы иске өзлериниң парызлы миннети сыпатында қарамақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги