Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы басламасы менен аймақларда нызамшылықты беккемлеў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў, жынаятшылық ҳәмде ҳуқықбузарлардың алдын алыў бойынша жумысларын еледе  жеделлестириў бойынша әмелий жәрдем көрсетиў Жумысшы топары топары ағзалары Әмиўдәрья районында өз жумысын баслады.

Бунда Ишки ислер министрлиги Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы хызметкерлери, профилактика инспекторлары тәрепинен қолланылған жәриймаларды өндириў бойынша тапсырмалар берилди.

Рейд илажларында излеўдеги автомашиналарын анықлаў ҳәм қолланылған жәрийма суммаларын өз ўақтында төлемеген қарыздарлардың автомашиналары ўақтынша автотранспорт қуралларын сақлаў майданшасына қойылды.

Арзыгүл ЕСЕМУРАТОВА,
ҚМУдың Мәлимлеме хызмети ҳәм
жәмийетшилик пенен байланыслар тәлим бағдары 3-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги