Сессияға районлық Кеӊеси депутатлары, сектор басшылары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, райондағы мәкеме, кәрхана, шөлкемлердиң басшылары, район ҳәкимлиги жуўаплы хызметкерлери, жәмийетлик шөлкемлер ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Сессия күн тәртибинде Халық депутатлары Беруний  районлық Кеңесине сайланған депутатлардың партия топарларын дизимге алыў ҳаққындағы мәселе қарап шығылды.

Өзбекстан Республикасының “Сиясий партиялар ҳаққында”ғы Нызамына муўапық Халық депутатлары Беруний районлық Кеңесине сиясий партиялардың районлық Кеңеслери тәрепинен Кеңес қурамында өз топарларын дизимге алыў белгиленген.

Күн тәртибиндеги дәслепки мәселеси бойынша депутатлардың даўыс бериў жолы арқалы партия топарлары дизимге алынды.

Сондай-ақ, Халық депутатлары Беруний  районлық Кеңесиниң Регламентин ҳәм турақлы комиссиялар ҳаққындағы Режени тастыйықлаў ҳаққындағы мәселени қарап шығылып, депутатлардың мақуллаўы менен тастыйықланды.

Күн тәртибиндеги соңғы мәселе Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының Беруний  районы ҳәкимин тайынлаў ҳаққындағы бийлигин тастыйықлаў ҳаққында болды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының Икрам Хидировты Беруний  районы ҳәкими лаўазымына тайынлаў ҳаққындағы бийлиги оқып еситтирилди.

Буннан соң Икрам Хидиров Беруний  районын социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша өзиниң бес жыллық бағдарламасын оқып еситтирди.

Бул мәселе бойынша бир қатар депутатлар сөзге шығып, Икрам Хидировтың кандидатурасын мақуллады ҳәм депутатлар бул бойынша тийисли шешим қабыл етти.

Күн тәртибинде кɵрип шығылған барлық мәселелер бойынша пикир-усыныслар тыңланып, тийисли шешимлер қабыл етилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги