Ҳәр бир мәмлекеттиң ертеңги айдын келешегин тәмийинлеў, оның дүнья еллери арасындағы абырайының артыўы ҳәм ҳәр тәреплеме қүдиретли болыўы – сол мәмлекеттеги жасларға болған итибары ҳәм билимлендириў системасының нәтийжелилиги, таярланып атырған кадрлардың сапасына тиккелей байланыслы. Усы көзқарастан алып қарағанда, бизиң елимизде жасларға қаратылып атырған айрықша итибар әсиресе, билимлендириў тараўында жүргизилип атырған реформалар жасларымыздың дүнья жүзи талаплары дәрежесинде билим алыўы, кәсип-өнер ийелеўи, физикалық ҳәм руўхый жақтан жетик инсанлар болып жетилисиўине, олардың қәбийлетлерин жүзеге шығарыўда өзиниң унамлы нәтийжесин көрсетпекте.

Бул бағдарда елимизде жасларға заман талабына сай билим алыўы ушын мүнәсип шараятлар жаратыў тийкарғы ўазыйпалардан саналады. Сонлықтан бул бағдардағы жумысларды жетилистириўде Президентимиз тәрепинен бес әҳмийетли баслама алға қойылды. Бул ийгиликли басламаларда жаслар арасында китапкумарлық мәдениятын арттырыў, оларды көркем өнер ҳәм спортқа кеңнен тартыў, компьютер технологияларынан нәтийжели пайдаланыў көнликпелерин қәлиплестириў, сондай-ақ, ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў баслы бағдар етип белгиленген. Мине усы бес баслама тийкарында филиалымызда студентлердиң дөретиўшилик қәбилетлерин ҳәм талантын жүзеге шығарыў ушын бир қатар көркем өнер дөгереклери шөлкемлестирилген. Бул дөгерек ағзалары ҳәзирги күни көплеген халықаралық таңлаўларда сыйлы орынларды ийелеп келмекте. Атап айтқанда, 2021-жылы 9 студентимиз, 2022-жылы 18 студентимиз, ал, 2023-жылы болса, 22 талантлы студентлеримиз шет еллерде өткерилген халықаралық таңлаўларда сыйлы орынларға ылайық көрилди.

Соны айрықша атап өтиўимиз тийис, соңғы жыллары билимлендириў тараўын жетилистириўде раўажланған мәмлекетлер тәжирийбеси турмысымызға енгизилмекте. Ҳәзирги ўақытта филиалымыз дүньяның бир қатар жетекши жокары оқыў орынлары менен бирге ислеў жолға қойылған болып, халықаралық бирге ислесиў бағдарында да бир қанша унамлы нәтийжелерге ерисип келмекте. Ҳәзирге күнде Россия Федерациясы, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Беларусь Республикаларының 10 нан аслам жоқары оқыў орынлары менен бирге ислесиў бағдарында перспективалы режелер ислеп шығылған болып, нәтийжели жумыслар алып барылмақта.

Бул халықаралық бирге ислесиў бағдарындағы илажлар сырт еллердиң жоқары оқыў орынлары менен бирге ислесиўди раўажландырыў, мәденият ҳәм көркем өнерге инновациялық технологияларды енгизиў, илим ҳәм өндирис арасындағы интеграцияны буннан былай да жетилистириў, илимий-изертлеўлер менен өндирис тармақлары арасында өз-ара бирге ислесиўдиң нәтийжели механизмлерин жолға қойыў, мәмлекетлик илимий-техникалық бағдарлама бойынша орынланыўы мөлшерленген илимий-изертлеўлер, инновациялық жойбарларды енгизиўде әҳмийетли саналады.

Ҳәзирги ўақытта ҳүкиметимиз тәрепинен шет еллердиң донор шөлкемлери ҳәм фондларының грантларын утып алыў, сырт еллерден инвестиция алып келиў мәселесине айрықша итибар қаратылып, усы мақсетте 2024-жылы филиалымыз тәрепинен бир халықаралық ҳәм бир жергиликли грант жойбарлары жеңип алынды ҳәм ҳәзирги ўақытта бул жойбарлар әмелге асырылып келинбекте. Усы жойбарлардың бири, «Рус классиклери қарақалпақ тилинде сөйлейди» халықаралық жойбары Россия Федерациясының «Русский Мир» фондының гранты тийкарында әмелге асырылып, жойбардың улыўма баҳасы 1 миллион 14 мың 900 Россия рублине тең.  Жойбардың тийкарғы мақсети – Қарақалпақстан Республикасында рус тили ҳәм әдебияты, мәденияты ҳәм көркем өнерине болған қызығыўшылықты арттырыў, оны үгит-нәсиятлаўдан ибарат. Ҳәзирги ўақытта филиалымыздың «Театр көркем өнери» факультетиниң тәжирийбели профессор-оқытыўшылары ҳәм талантлы студент жаслары тәрепинен атақлы рус драматург-жазыўшылары А.Чеховтың ҳәм Н. Гогольдиң шығармаларын сахналастырып, республикамыз бойлап гастрол сапарлары әмелге асырылып келинбекте.

Әлбетте, елимизде билимлендириў тараўында әмелге асырылып атырған реформалар, сондай-ақ, халықаралық бирге ислесиў бағдарындағы әмелий жумыслар Үшинши Ренессансқа қәдем таслап атырған Жаңа Өзбекстанның бир қанаты сыпатында илим, билимлендириў, мәденият ҳәм көркем өнер тараўының буннан былай да раўажланыўында баслы бағдарлардан болып хызмет етеди деп ойлаймыз.

Аманжол Аяпов,

ӨзМКӨМИ Нөкис филиалы директоры,

                                                   филология илимлериниң кандидаты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги