Буннан еки жыл алдын Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Ташкент қаласында Олимпиада қаласы қурылысының тырнағын қойған еди.
Халқымыздың жоқары қурылысшылық потенциалын өзинде көрсеткен Олимпиада қаласы қысқа ўақытта бой тиклемекте.
Бүгинге келип, ири спорт комплекслери менен объектлери, айрықша спорт объектлери, үлкен коммуникация системаларын өзинде көрсеткен Олимпиада қаласында қурылыс-монтаж жумыслары дерлик жуўмақланды.
Орайлық Азия регионында бирден-бир болған қала комплекс ҳәм спорт комплекслеринде ҳәзирги ўақытта үскенелеў, бояў, әтирапын көклемзарластырыў сыяқлы бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.
Мәмлекетимиз басшысы Олимпиада қаласының тырнағын қойыў мәресиминде «Бизиң өз жолымыз, нийетлеримиз, режелеримиз бар. Бүгин исленип атырған тарийхый жумысларымыз өзиниң үлкен нәтийжесин бериўине исенемиз. Әне, усы исеним бизге күш-қуўат береди», деп атап өткен еди.
Хақыйқатында да, еки жыл алдын билдирилген исеним бүгин өз нәтийжесин бермекте. Өткен жыллар даўамында мәмлекетимиз спортшыларының Азия ҳәм Олимпиада ойынларында, жәҳән ҳәм континент чемпионатларында ерискен нәтийжелери, елимиздиң түрли мәҳәлле ҳәм аўылларда қурылған заманагөй спорт комплекслери ҳәм майданшаларда «Бес баслама олимпиадасы» сыяқлы жарыслар зор кейпият пенен өткерилип атырғаны танлаған жолымыз, көзленген уллы мақсетлеримиз тилеклеримиз бенен байланыслы екенин көрсетпекте.
Қысқа ўақытта Ташкенттиң Жаңа Өзбекстан бағына тутас орайда 100 гектар майданды өз ишине алған Олимпиада қаласының бой тиклеп атырғаны Өзбекстанның денетәрбия ҳәм спорт системасындағы жетискенликлери, табысларына беккем тырнақ жаратылып атырғанына дәрек береди.
Архитектуралық жақтан толық, энергия үнемлеўши ҳәм алдынғы инновациялық шешимлерди өзинде көрсеткен Олимпиада қаласы әсирлер даўамында өзбек спортының жоқарлаў текшесине қойылған қутлы қәдем болып қалыўы гүмансыз.
Т.Рўзиев, ӨзА