Қанлыкөл районы «Қуламет жыраў» Аўыл пуқаралар жыйыны турғынлары атызда мийнет етиў барысында таң қаларлық тарийхый хожалық ыдыслары сынықларын таўып алды. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң мәлимлеме хызмети хабар бермекте.

– «Қуламет жыраў» АПЖ аймағындағы Марат исимли дийқан фермер хожалығының егислик атызы жанындағы изейкештиң (коллектор) жағасынан табылған бул табылмаларды жергиликли халықтың жасы үлкенлери қырық жыл Хийўа ханының мөрин услаған Қутлымурат бийге тийисли, деп болжамақта,  – дейди бизге хабар берген АПЖ турғынларының бири.

Хош,  бул туўралы тарийхшы илимпазларымыз не дейди? Бул ҳаққында толығырақ мағлыўмат беремиз.

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги