Шымбайда Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсуповтың өмири ҳаққында сөз ететуғын «Ашық аяз» атлы 5 сериялы көркем фильм сүўретке алынбақта. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий сайты хабар бермекте.

 

 

Бул фильм 1930-жыллардағы халқымыздың басынан кеширген турмысы, соның ишинде И.Юсупов ҳәм оның ата-анасының көрген қыйыншылықлары менен басланады. Фильм арқалы халқымыз  И.Юсуповты еле де жақыннан биледи ҳәм бул келешек жасларымыз ушын үлкен руўхый азық болатуғынлығы сөзсиз.

—  Фильм  усы жылдың декабрь айына барып таяр болады, — дейди сценарий авторы, жазыўшы Муратбай Нызанов.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги