Усы жылдың алты айы даўамында республикамыздың Наманган, Әндижан ҳәм Ферғана ўәлаятларында өзиниң жеке көргизбесин шөлкемлестирген 67 жастағы, белгили художник Сабур Қутлымуратов 2-август күни пайтахтымыздағы Өзбекстан көркем өнер Академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң көргизбе сарайында «Тәбият ырғақлары» атамасындағы жаңа жеке көргизбесин ашты.

Көргизбеде художниктиң қәлеминен дөреген ең соңғы ҳәм сайланды 50 ден аслам  картиналары қойылған.

С.Қутлымуратов соңғы жылларда живопись  тараўында белсене қатнасып қоймастан, ол тәбият қушағына саяхат етип, этюдлер ислеп, пейзаж жанрында да үлкемиздиң гөззал тәбиятын, кең даласын, жайнаған гүллерин, ырғатылған тереклерин үйлесимли реңлерде шеберлик пенен өз картиналарында сәўлелендирип берди.

Көргизбе қатнасыўшылары художниктиң «Шахимардан», «Шылпық», «Хийўа», «Лалагүл» ҳәм басқа да дөретпелерин тамашалап, автордың өзине тән сүўретлеў усылын, оның картиналарындағы реңлердиң үйлесимлилигин, ҳәр түрли жанрларда жемисли мийнет еткенин мақтаныш пенен атап өтти.

Көргизбеге Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов қатнасты.

Көргизбе 20-августқа шекем даўам етеди.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,  

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.