2024-жыл 1-ноябрьден күшке енгизилетуғын миллий нызамшылықтағы тийкарғы өзгерислер түсиниги Norma.uz порталы тәрепинен усынылды.
Мийнет ҳуқықларына әмел етилиўин тексериўдиң жаңа тәртиби енгизиледи
Мәмлекетлик хызмет инспекциясы ҳәм оның аймақлық бөлимшелери тәрепинен тексериў басланған ўақыттан Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкилин хабардар еткен ҳалда мийнет ҳуқықлары ҳәм мийнетти қорғаў ҳаққындағы нызамшылыққа әмел етилиўи бойынша тексериўлер өткериледи.
Шаңарақларды кәмбағаллықтан шығарыў бағдарламасы басланады
«Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай» бағдарламасы иске түсириледи, ол «Кәмбағал шаңарақлар ушын жети имканият ҳәм жуўапкер» принципи тийкарында әмелге асырылады. Ол төмендегилерди нәзерде тутады:
-ҳәр бир мәҳәллеге жетекши исбилерменлерди кеңнен тартыў, қыйтақ жерлеринен нәтийжели пайдаланыў, кәмбағал шаңарақларға қосымша 50 мың гектар егислик майданларын ижараға бериў;
-жәрдемге мүтәж адамларды ҳәр күни жоқлаў тийкарында патронажды, балаларды тәрбиялаў ҳәм күндизги қараў хызметлерин жолға қойыў;
-ипотека системасынан пайдаланыў имканиятларын кеңейтиў, заманагөй «жасыл» турақ жай имаратларын қурыў яки реконструкциялаў ҳәм басқалар.
Товар-шийки зат биржаларына жаңа талаплар қойылады
-Лицензия алыў ушын товар-шийки зат биржалары төмендегилерге ийе болыўы керек:
-мүлк ҳуқықы тийкарында лицензияланған биржа саўдаларының электрон системасы;
-улыўма мийи 100 ТВ болған сервер үскенелери ҳәм айрықша мағлыўматларды қайта ислеў орайы;
-электрон биржа саўдалары системасының қорғаўшысы;
-хызмет көрсетиўши банк пенен интеграция шеңберинде қаржыларды киргизиў ҳәм есаптан шығарыўды инсан араласыўысыз әмелге асырыў имканиятын бериўши бағдарламалы тәмийнат.
100 млн сумға шекем гиреўсиз кредитлерди қайта қаржылаў ставкалары күшке киреди.
-Киши бизнести үзликсиз қоллап-қуўатлаўдың комплексли бағдарламасы шеңберинде 100 млн сумға шекем гиреўсиз микрокредитлер киши исбилерменлик субъектлери дизимнен өткен ҳәм жумыс алып барып атырған аймақлар категориясынан келип шығып, микрокредит бериўшилерге төмендеги ставкаларда қайта қаржыланады, атап айтқанда:
5- категорияға – 12,5 %
4- категорияға – 13,5%;
3- категорияға – 14,5%;
2- категорияға – 17%;
1- категорияға – 18%.
Зергерлик буйымларын қадағалаўдың жаңа илажлары белгиленди
-Солай етип, сырт елде ислеп шығарылған ҳәм бажыхана төлемлери төленгенин тастыйықлаўшы ҳүжжетлерге ийе болмаған зергерлик буйымларын усақлап сатыўға қойыў ҳәм сатыў қадаған етиледи.
-Қымбат баҳалы металлар усақлары ҳәм шығындылары ҳәм баҳалы металлар менен қапланған металлар лицензия тийкарында экспорт етилетуғын арнаўлы товарлар дизимине киргизиледи.
-Сондай-ақ, Мәмлекетлик тийкарлылық дәрежесин қадағалаў инспекциясының нәтийжеси болмаған зергерлик буйымлары ярым фабрикатларын Өзбекстан бажыхана аймағынан сыртқа алып шығыў қадаған етиледи.
Электр энергиясы ушын төлемлерди қабыллаўға шеклеўлер
Шығындылар менен ислесиў хызметлери ушын төлем төленбеген ўақытта (электр энергиясын есапқа алыў ҳәм қадағалаўдың автоматластырылған системасына байланыспаған аймақлар буннан тысқары) абонентлерден электр энергиясы ушын төлемлерди қабыллаўға ўақтыншалық шеклеў киргизиледи.
Ески үлгидеги акциз маркалы спиртли ишимликлер ҳәм темеки алып қойыла баслайды
Салық ҳәм Бажыхана комитетлери ески үлгидеги акциз маркалы өнимлерди анықлаў ҳәм алып қойыўды баслайды.
«Ең таза мәҳәлле» таңлаўы басланады
Ноябрьден январға шекем районлар, ўәлаятлар ҳәм республика дәрежесинде «Ең таза мәҳәлле» таңлаўы өткериледи, оның нәтийжелерине бола, 14 жеңимпаз мәҳәлле сыйлықланады. Экология қоры есабынан оларға шығынды жыйнаў майданшаларын қурыў, мәҳәллениң социаллық объектлеринде шығынды жыйнаў контейнерлерин орнатыў ҳәм терек егиў ушын қаржы ажыратылады. Сондай-ақ, жеңимпазларға хызметте пайдаланыў ушын биреўден электромобиль бериледи.
Имаратлар энергия нәтийжелиги бойынша тексериледи
Майданы 200 квадрат метрден аслам имарат ҳәм қурылыслардың энергия нәтийжелилиги категориясын анықлаў ушын «А», «В», «С», «D», «Е», «F», ҳәм «G» категориялары енгизиледи.
Онда «А» категориясы ең жоқары энергия нәтийжелилигине ийе имарат ҳәм қурылысларды, сәйкес түрде «G» категориясы –ең төменгисин белгилеў ушын қолланылады,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги