Президент тәрепинен қол қойылған ӨРН-985-санлы Нызам менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди.
Оған бола, киши көлемли электр двигателли транспорт қуралларын ҳәм индивидуал ҳәрекетлениў қуралларын басқарыў ўақтында пайда болған ҳуқықбузарлықлар ушын ҳәкимшилик жуўапкершиликти белгилеўди нәзерде тутатуғын өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилмекте.
Сондай-ақ, қыстаўлы тез жәрдем ҳәм өрт-өшириў бөлимшелери транспорт қуралларынан пайдаланған ҳалда жүз берген ҳуқықбузарлықлар бойынша ҳәкимшилик жумысларды артықша қағазпазлықты сапластырыў мақсетинде жоқ етиў тәртиби енгизилиўи белгиленбекте.
Буннан тысқары, арнаўлы автоматластырылған фото ҳәм видео техникалық қураллары арқалы көрсетилген жол ҳәрекети қағыйдалары бузылыўы ҳаққындағы мағлыўмат жәрийма салыў ҳаққында қарар шығарыўға ўәкилликли болған шахсқа 48 саат ишинде жиберилмеген ўақытта, ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққында ис алып барылмайтуғынлығы белгиленбекте,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги