Денсаўлықты сақлаў тараўында халықаралық тәжирийбелер менен танысыў, бул бағдарда алдыңғы тәжирийбелерди үйрениў, қолланыў халқымыздың ийгилиги ушын бирге ислесиў бәрқулла үлкен әҳмийетке ийе болып келмекте.

Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги усы жылдыӊ өзинде халықаралық бирге ислесиў мақсетинде бир қатар мәмлекетлер менен медицина тараўын раўажландырыў ҳәм заманагөй технологиялар менен тәмийинлеў бойынша  келисимлерди әмелге асырды.

Әлбетте, бундай халықаралық бирге ислесиўлер елимизде медицина тараўын және де раўажландырыў ҳәм сапалы медицина хызмет түриниӊ заман талапларына сәйкес болыўына  түртки бермекте.

Усындай халықаралық бирге ислесиўлерди даўам етиў мақсетинде, бүгин Японияның «Digital knowledge» акционерлик жәмийети ўәкиллерин, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри   М.Қурбанов күтип алды ҳәм дөгерек сәўбетин алып барды.

Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасында ана ҳәм бала саламатлығы системасын санластырыў, заман талапларына сәйкес халықаралық жойбар шеңберинде жаӊадан өзгерислер киргизиў бойынша сырт елли қәнигелердиӊ пикир-усыныслары тыӊланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги