Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросы миссиясы ўәкиллери баспасөз әнжуманын өткерип, сайлаў процесин бақлаў нәтийжесин жәриялады.

Өзбекстандағы бул ретки сайлаўда талабан ҳаял-қызлардың үлеси 44,7 процентти қурап, тарийхый ең жоқары дәрежеге шықты. Бул сиясий партиялардың гендер теңликти тәмийинлеў, ҳаял-қызлардың сиясий белсендилигин арттырыў жолындағы исенимли ҳәрекетинен дәрек. Миссия ўәкиллериниң атап өткениндей, гендер теңликке ерисиў ушын ҳаял-қызлар қатнасының көлемин кеңейтиў үлкен әҳмийетке ийе. Сайлаў нәтийжесине бола, ҳаял-қызлар Нызамшылық палатасындағы 150 орыннан 47 син қолға киргизди ҳәм талабанлардың 45 процентин қурады.

Ў.Алимов, ӨзА