Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының Жаслар ҳәм ҳаял-қызлар исбилерменлигин раӯажландырыӯ ислери бойынша орынбасары Назлы Мамбетова Нөкис қаласы ҳәм районларда жумыс алып барып атырған исбилермен ҳаял-қызлардың пикир-усынысларын тыңлап, орынларда сәўбетлесиўлер алып бармақта.
Шынында да, соңғы жыллары исбилерменликти раўажландырыў, соның ишинде, ҳаял-қызлар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында унамлы жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, қолында өнери бар ҳаял-қызларға кредит ажыратыў, исбилерменлик жумысын баслаўға жәрдем бериў, имканияттан келип шығып олардың қызығыўшылығын ҳәм басламаларын есапқа алып, кәсип-өнер үйретиўге айрықша итибар қаратылмақта.
Дәслеп, Н.Мамбетова Хожели районында жайласқан, исбилермен Н.Худайбергенова басшылығындағы “Qaraqalpaq Textile” ЖШЖ ға барып, ол жерде жаратылған имканиятлар менен жақыннан танысты.
– Бүгинги күнде кәрхана тәрепинен миллий кийим-кеншеклер, той көйлеклери, қурақтан көрпе-көрпешелер қол мийнети жәрдеминде таярланып, халыққа сапалы хызмет көрсетилип келинбекте. Жәми 35 тен аслам ҳаял-қызлар хәм жасларды турақлы жумыс пенен тәмийинлеген исбилермен Н.Худайбергенова алдағы ўақытта және 20 дан аслам жумыс орынын жаратыўға тайын екенлигин билдирди. Өз гезегинде басқарманың “Жаслар ҳәм ҳаял-қызлар исбилерменлигин раӯажландырыӯ бөлими” тәрепинен исбилерменниң қол өнери менен таярланған миллий өнимлери менен халықаралық ҳәм жергиликли көргизбелерге қатнасыўына ҳәм жумысшы ҳаял-қызлардың тәжирийбесин еле де арттырыў бойынша оқыў курсларына бийпул қатнасыўына жақыннан жәрдем бериледи,-дейди Н.Мамбетова.
Бул бағдардағы илажлар даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги