Ҳәр жылы дүньяда миллионлаған адамлар жүрек-қан тамыр кеселликлери себепли өмирден көз жумады. Ерте басқышта диагностика етиў әдетке айланса кеселлик нәтийжесинде өлим көрсеткишелери азайған болар еди.
Кеселликтиң бар екенлигин қалай билиў мүмкин?
Ҳаўа жетиспеўшилиги, бас айланыў, көп терлеў ҳәм исиклердиң пайда болыўы кеселликтиң бар екенлигинен дәрек береди. Бирақ жүрек-қан тамыр кеселликлериниң белгилери дәрҳал билинбейди. Соның ушын ең тийкарғысы ўақтында медициналық тексериўлерден өтип турыў, әсиресе, кеселликтиң белигилери болса: туўысқанларда жүрек-қан тамыр системасы кеселликлери болса; кем ҳәрекет турмыс тәризи; жүректеги холестерин дәрежеси; жоқары қан басымы.
Жүректи тексериў ушын шыпакер сизди электрокардиография (ЭКГ), магнит-резонанс томография (МРТ) яки эхокардиография (УЗИ) ға жибериўи мүмкин. Бәлким, және фонокардиография, коронарография, рентген, электрофизиологиялық яки радиоизотоп тексериўине де барыўға туўра келер.
Жүрек хызметин өзимиз тексериўимиз мүмкин бе?
Еркин түрде шыпакерге мүрәжат етиў ўақты келген яки жоқлығын билиў мүмкин. Буның еки түри бар:
Мартине усылы. Бул тест жүрек-қан тамыр системасының улыўма жағдайы ҳаққында билиў мүмкиншилигин береди. 30 секундта 20 мәрте отырып турыў, пульсти өлшеў ҳәм нәтийжелерин жазыў керек. Соң 1-2 минут дем алың: бул ўақыт ишинде жүрек хызмети қайта тикленеди ҳәм пульсти қайтадан өлшеўге туўра келеди. Еркин жағдайдағы ҳәм физикалық шынығыўдан кейинги жағдайдағы көрсеткишлерди салыстырың. Үлкен парық болмаса, демек, жүрегиңиз 60-80 процент әтирапындағы тезлесиў норма есапланады. Егер оннан жоқары болса жүрек хызмети бузылған болады. Себеплер ҳәр қыйлы болыўы мүмкин: артимия,
атеросклероз, қан айланыў системасының бузылыўы. Ҳәр қандай жағдайда да кардиологқа мүрәжат етиў керек.
Штанг усылы. Бул тест жүрек-қан тамыр ҳәм дем алыў системасы қаншелли жақсы ислеп атырғанлығын анықлаўға жәрдем береди.
2-3 мәрте терең дем алыў керек. Соң терең дем алып, оны услап турыў керек. Егер 40-50 секунд дем алмай тура алсаңыз сизиң денсаўлығыңыз жақсы екенлигинен дәрек береди. Егер 40 секундтан кем болса, үйде емес, қәнигениң қабыллаўында жүрек тексериўин әмелге асырыў зәрүр болады.
Кеселликти қалайынша жоқ етиў мүмкин?
Батыста бир үрдис бар: жүрек приступынан көз жумған туўысқанының жерлеў мәресиминен соң шаңарақ ағзалары медициналық тексериўге жазылады. Өз ўақтында анықланған паталогия-емлениўдеги әўметтиң ярымы есапланады.
Илимпазлар тексериўлерден ҳәм шегиўди таслаў, ҳәм артықша аўқатланбаў сыяқлы әпиўайы усыныслардан соң төмендегилерди мәсләҳат етеди.
Ҳәптесине 4-5 мәрте спорт пенен шуғылланыў
The Journal of Physiology’да басып шығарылған изертлеўлерге қарағанда, ҳәптеде үш мәрте спорт пенен шуғылланыў жетерли емес.Жүрек хызметин нормада сақлап қалыў ушын ҳәптесине 4-5 мәрте физикалық шынығыўлар менен шуғылланыў керек. Изертлеўшилер жүзлеген кекселерди тексерип, ҳәптесине 2-3 мәрте спорт пенен шуғылланған адамларда үлкен қан тамырлары қатты екенлигин анықлады. Ал, 4-5 мәрте физикалық шынығыўларды орынлаған адамларда болса олар саламат ҳәм эластик болған.
Бул жүрек хызметине тиккелей тәсир көрсетеди.
Йога менен шуғылланыў
Голландиялы илимпазлар усы ески шынығыўлар системасын мәсләҳәт етеди. 37 изертлеўдиң жуўмағы йога менен шуғылланыў қан басымы ҳәм холестерин муғдарын төменлететуғынлығын көрсеткен.
Шашларды бақлап барыў
Шашлардың ерте түсиўи ҳәм ағарыўы жүрек кеселликлерине бейимлиги барлығын билдиреди. Илимпазлар 2 мыңнан зыят ер жигитлерди тексериўден өткерип, шашы ерте түсетуғын еркеклер жүрек кеселликлеринен азап шегетуғынын анықлаған. Англиялы илимпаз Алан Хьюздиң айтыўына қарағанда шаштың түсиўи қартайыў процесине тәсир етиўши генетикалық бузылыў белгиси болыўы да мүмкин.
Ашыўланбаў
Илимпазлар стресс ҳәм жүрек кеселликлери арасында байланыс бар екенлигин әлле қашан анықлаған. Гарвардтағы жаңа изертлеў мийдиң қорқыў ҳәм ашыўланыў сыяқлы сезимлерди ислеп шығатуғын бөлими-бадам сыяқлы дене белсенди екенлигин көрсетеди. Ол мийдиң сүйек жилигине сигнал жибереди, ол болса көбирек қан клеткаларын ислеп шығара баслайды. Бул болса артерияларда өзгерислерди келтирип шығарады ҳәм жүрек приступы, стенокардия яки инсультқа алып келиўи мүмкин.
Ийт бағыў
Изертлеўшилер жәмәәти 3,4 миллион швециялылар арасында сораўнама өткерди. Мәлим болыўынша, ийт бағыўшылар арасында жүрек-қан тамыр кеселликлеринен азап шегиўшилер бир қанша аз екен. Буған себеп сыпатында олардың жәниўар себепли турмыс тәризине өзгерис киргизилгенин атап өткен. Упсала университетиниң илимий изертлеўлер бойынша баслығы үйинде ийт сақлаған адамларда жүрек-қан тамыр кеселликлерине шатылыў қәўипи 11 процентке азайғанлығын дәлилледи.
Интернет материаллары тийкарында таярланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.