Өзбекстанның жаңа тайынланған Айрықша ҳәм Толық ҳуқықлы елшиси Ойбек Усманов Аўғанстан пайтахтына келди.

Дипломат 62 жаста. Ташкент мәмлекетлик университети (ҳәзирги Өзбекстан Миллий университети)ниң филология ҳәм шығыстаныў факультетин тамамлаған, 2020-2024-жылларда Пакистандағы елши лаўазымында ислеген.

Ойбек Усмонов 1998-жылдан берли Сыртқы ислер министрлиги системасында жумыс алып барып, орайлық аппарат ҳәм мәмлекетимиздиң сырт елдеги дипломатиялық ўәкилханаларында түрли лаўазымларда ислеп келмекте.

Қабулға тайынланыўынан алдын ол Египет ҳәм Пакистандағы елши, 2011-2012-жыллары болса Өзбекстан сыртқы ислер министриниң орынбасары лаўазымларында жумыс алып барған. Пашту-дари ҳәм ингилис тиллерин толық биледи.

Ойбек Усмонов 2012-2024-жылларда Қабулда елши болып ислеген Ёдгорхўжа Шодмоновтың орнына тайынланды,-деп мәлимлеме береди xs.uz сайты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги