16-октябрь күни «Кәсиплик билимлендириўде маман кадрлар таярлаў системасын буннан былай да ҳәм халықаралық билимлендириў бағдарламаларын енгизиў илажлары ҳаққында»ғы Президент Пәрманы қабыл етилди.

Пәрманға бола, кәсиплик билимлендириў шөлкемлериниң әмелдеги түрлери оптималластырылып, кәсиплик билимлендириўдиң барлық дәрежелери бойынша кадрлар таярлайтуғын бирден-бир техникумлар тармағы шөлкемлестириледи.

Техникумларда:

-кадрлар таярлаў Билимлендириўдиң халықаралық стандарт дүзиўши ҳәм Өзбекстан миллий маманлық системасы талапларына сәйкес түрде шөлкемлестириледи;

-баслаўыш, орта ҳәм орта арнаўлы кәсиплик билимлендириў бағдарламалары бойынша кадрлар таярлаў жолға қойылады, сондай-ақ, маманлық ҳәм компетенциялар бойынша қысқа мүддетли оқыў курслары шөлкемлестириледи;

-баслаўыш кәсиплик билимлендириў бағдарламалары бойынша кадрлар таярлаў улыўма орта билимлендириў шөлкеминиң 9-класын тамамлаған оқыўшылар ушын –мәмлекетлик грант тийкарында әмелге асырылады;

-орта ҳәм орта арнаўлы кәсиплик билимлендириў бағдарламалары бойынша кадрлар таярлаў мәмлекетлик грант ҳәм төлемли-контракт тийкарында шөлкемлестириледи;

-орта арнаўлы кәсиплик билимлендириў бағдарламаларының питкериўшилерине өзлестирген модуллери, топлаған кредитлери ҳәм жоқары билимлендириў шөлкеми тәрепинен белгиленген балларын орташа баҳалаўдан келип шығып, бакалавриаттың тийисли басқышынан оқыўды даўам еттириўге рухсат етиледи.

Пәрманға муўапық, 2025-жыл 1-январьдан тийкарында техникумлар шөлкемлестирилетуғын кәсиплик билимлендириў шөлкемлериниң дизими тастыйықланады.

2025-жыл 1-сентябрьге шекем республика атқарыўшы ҳәкимияты уйымлары ҳәм хожалық бирлеспелери белгиленген тәртипте кадрлар буйыртпашысы ҳәм санаатта бирге ислесиўшиси сыпатында техникумларға бириктириледи.

2025-2026-оқыў жылынан баслап техникумларға төмендегилерди әмелге асырыўға рухсат бериледи:

-пәнлерди бир-бирине интеграциялаўда ҳәм ажыратылған саатлар шеңберинде қәнигелик ҳәм улыўма кәсиплик пән (модул)лердиң саатларын 30 процентке шекем өзгертиўге;

-жетекши сырт ел билимлендириў шөлкемлериниң қатнасыўында төлемли-контракт тийкарындағы биргеликтеги билимлендириў бағдарламаларын енгизиўге;

-кадрлар таярлаў ҳәм қысқа мүддетли оқыў курсларын шөлкемлестириў бойынша тиккелей шәртнамалар дүзиўге;

-пуқаралар ҳәм жумыссызларды кәсип өнер, шет тиллери ҳәм исбилерменликке оқытыў бойынша қысқа мүддетли оқыў курсларын шөлкемлестириўге;

-кәсиплик көнликпелер орайларынан әмелият базалары сыпатында бийпул пайдаланыўға.

Пәрманға бола, 2026-жыл 1-январьдан орта буўын кадрларына болған талап «Кәсиплик билимлендириў» платформасы арқалы қәлиплестириледи.

2025-2026- оқыў жылынан белгиленген техникумларда халықаралық билимлендириў бағдарламалары енгизиледи.

Халықаралық билимлендириў бағдарламалары тийкарында билим алған ҳәм имтиханларды табыслы тапсырған оқыўшыларға халықаралық билимлендириў бағдарламалары бойынша диплом (сертификат) ҳәм кәсиплик билимлендириў ҳаққындағы мәмлекетлик үлгидеги диплом бериледи.

2025-жыл 1-январьдан техникумлардың директоры ҳәм директордың орынбасары лаўазымларына талабанларды ашық таңлаў тийкарында таңлаў тәртиби енгизиледи.

Кәсиплик билимлендириў системасында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты жүргизиў бойынша жуўапкер уйым етип Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги белгиленди.

ӨзА