Мәмлекетимиздеги абырайлы медициналық мәкемелерден бири – Республикалық қәнигелестирилген ана ҳәм бала саламатлығы илимий-әмелий медицина орайының дүзилгенине 50 жыл болды.
Ҳәзирги күнде Орай өз қурамында 14 аймақлық филиал, 46 районлараралық перинатал орай, 170 тен аслам туўыў комплекси ҳәм 209 Ҳаял-қызлар мәсләҳәтханасын бирлестирген. Орай дүньядағы жетекши медицина орайлары менен тығыз бирге ислесиў байланысларын жолға қойып, медициналық диагностика ҳәм емлеўдиң алдыңғы усылларын клиникалық әмелиятта кеңнен енгизбекте. Атап айтқанда, гинекология бағдарында жылына 1300 ден аслам хирургиялық операциялар табыслы әмелге асырылып, 36 түрдеги жоқары технологиялық операциялар жолға қойылған.
Орайдың елимиздеги мәмлекетлик емлеў мәкемелери арасында биринши болып халықаралық аккредитациядан өткени оның абырайы тек ғана елимизде емес, ал сырт елде де артып баратырғанын көрсетеди.
Республикалық қәнигелестирилген ана ҳәм бала саламатлығы илимий-әмелий медицина орайының 50 жыллығына бағышланған салтанатлы илажда бул жетискенликлер тән алынды. Онда Ҳүкимет ағзалары, сенатор ҳәм депутатлар, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, системаға қараслы емлеў-профилактика мәкемелери, медициналық жоқары оқыў орынларының жуўапкерлери ҳәм сырт ел илимпазлары, тараў ветеранлары қатнасты.
Илажда Президент Администрациясының Социаллық раўажланыў департаментиниң басшысы Одил Абдураҳмонов Президентимиздиң Республикалық қәнигелестирилген ана ҳәм бала саламатлығы илимий-әмелий медицина орайы жәмәәтине қутлықлаўын оқып еситтирди.
Мәмлекетимиз басшысының қутлықлаўында атап өтилгениндей, инсан, соның ишинде, ана ҳәм бала саламатлығына қәўип-қәтерлер күн сайын көбейип баратырған ҳәзирги қурамалы заманда бул бағдарда алдымызда және де әҳмийетли ўазыпалар пайда болмақта. Бул болса бәршемизден ҳәр қашанғыдан да көбирек мийнетти, излениўди ҳәм мобилизацияны талап етпекте.
Илажда «Республикалық қәнигелестирилген ана ҳәм бала саламатлығы илимий-әмелий медицина орайының 50 жыллығы мүнәсибети менен бир топар хызметкерлерди сыйлықлаў ҳаққындағы»ғы Президент пәрманына муўапық тараў пидайылары ҳүрметли атақ, орден ҳәм медальлар менен сыйлықланды.
Сыйлықларды Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева өз ийелерине тапсырды.
Әнжуман шеңберинде мәмлекетимизде аналық ҳәм балалықты қорғаўға мүнәсип үлес қосып киятырған бир топар сырт ел медицина илимпазлары ҳәм елимиз шыпакерлерине «Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў ағласы» көкирек белгиси тапсырылды.
Сондай-ақ, илажда бир қатар халықаралық шөлкемлердиң басшылары ҳәм сырт ел бирге ислесиўшилериниң конференция қатнасыўшыларына жоллаған видеоқутлықлаўлары қойып берилди.
Моҳигул ҚОСИМОВА,
ӨзАның хабаршысы