Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен «Космос кеңислиги, соның ишинде Ай ҳәм басқа космослық бөлекшелерди изертлеў ҳәм олардан пайдаланыў бойынша мәмлекетлердиң жумыс принциплери ҳаққында»ғы шәртнамаға (Лондон, Москва ҳәм Вашингтон, 1967-жыл 27-январь) Өзбекстан Республикасының қосылыўы ҳаққындағы Нызамға қол қойылды.
Бул мәмлекетимиз басшысының 2022-жыл 23-ноябрь сәнесиндеги «Космослық тармақты және де раўажландырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары менен тастыйықланған «2022-2024-жыллары Өзбекстан Республикасының космослық тармағын және де раўажландырыўға қаратылған «Жол картасы»на муўапық әмелге асырылмақта.
«Космос кеңислиги, соның ишинде Ай ҳәм басқа да космос бөлекшелерин изертлеў ҳәм олардан пайдаланыў бойынша мәмлекетлердиң жумыс принциплери ҳаққында»ғы Шәртнамаға АҚШ, Уллы Британия ҳәм Совет Аўқамы тәрепинен 1967-жылы 27-январьда қол қойылған ҳәм 1967-жылы 10-октябрьден күшке киргенин атап өтиў керек. Ҳәзирги күнде оған 114 мәмлекет қосылған. Бул ҳүжжет космос кеңислигиниң ҳуқықый тийкарларын белгилеп бериўши 17 статьяны өз ишине алады.
Шәртнамаға қосылыў Өзбекстан ушын бир қатар халықаралық космослық ҳуқықларды усынады. Атап айтқанда, ҳеш қандай дискриминациясыз космос кеңислиги ҳәм космос бөлекшелерин изертлеў ҳәм олардан тыныш мақсетлерде пайдаланыў, артықша тосқынлықларсыз еркин түрде илимий изертлеўлер өткериў, бул бағдарда мәмлекетлераралық теңликке ийе болыў, өширилген космослық объектлер ҳәм олардың экипажлары үстинен юрисдикция ҳәм қадағалаўды сақлап қалыў, космослық тараўда жумыс алып барыўшы мәмлекетлер менен бирге ислесиў байланысларын орнатыў арқалы технологиялар трансферин жеделлестириў сыяқлы көплеген нормалар солардың қатарына киреди.
Бир сөз бенен айтқанда, Өзбекстанның космос кеңислиги, соның ишинде Ай ҳәм басқа да космос бөлекшелерин изертлеў ҳәм олардан пайдаланыў бойынша мәмлекетлердиң жумыс принциплери ҳаққында»ғы шәртнамаға қосылыўы бойынша қабыл етилген нызам, мәмлекетимиздиң космослық тараўдағы ҳуқықый системасы халықаралық улыўмалық тән алынған принциплер ҳәм нормаларға тийкарланған ҳалда раўажланып атырғанынан дәрек береди.
Н.Раҳмонов, ӨзА