Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!

Гөззал Ашхабад қаласында «Заман ҳәм цивилизациялардың өз-ара байланыслылығы – тынышлық ҳәм раўажланыў тийкары» темасында болып атырған халықаралық илаждың барлық қатнасыўшыларын шын жүрегимнен қутлықлаўға рухсат еткейсиз.

Дәстүрий дос сыпатында қабыллағаны ҳәм бул әжайып илажды жоқары дәрежеде шөлкемлестиргени ушын Түркменстан Президенти, ҳүрметли Сердар Гурбангулиевич Бердимуҳамедовқа ҳәм Түркменстан халқының Миллий лидери, Халық Мәсләҳәти Баслығы, қәдирдан достым Гурбангули Маликгулиевич Бердимуҳамедовқа шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.

Әзелий қәдирият ҳәм дәстүрлер барған сайын жоғалып баратырған бүгинги тынышсыз ҳәм қыйын дүньяда Түркменстан ҳүкимети әдебият ҳәм руўхыйлықты мәмлекетлик сиясаты дәрежесине көтерип, оны халықаралық қатнасықларда тынышлық ҳәм дослық сәўбет қуралына айландырып атырғанын айрықша атап өтиўди қәлер едим.

Бүгинги конференциямыз халықларымыз арасындағы туўысқанлық ҳәм аўызбиршиликти беккемлеў, мәмлекетлеримизди бир-бирине және де жақынластырыў, бай руўхый мийрасымызды пүткил дүньяға ен жайдырыў жолында үлкен әмелий қәдем болатуғынына гүман жоқ.

Ҳүрметли делегациялар басшылары!

Ески Түркменстан көплеген уллы инсанлар, ойшыл ҳәм шайырларға бесик болған гөззал үлке болып табылады. Бул ҳаққында сөз еткенде, түркмен халқының уллы перзентлери – Озодий, Андалиб, Шайдоий, Ғойибий, Молланепес сыяқлы бийтәкирар ойшыл ҳәм алымларды еске алыўымыз тәбийғый, әлбетте.

Олардың арасында түркмен халқының уллы перзенти, дүрдана шығармалары менен инсаният ойын байытқан Махтымқулы Пырағый дөретиўшилиги тек Шығыс емес, ал дүнья әдебиятында айырықша орынға ийе болып табылады.

Уллы гуманист шайырдың өлмес әдебий мийрасы әсирлер даўамында улыўма инсаныйлық қәдириятлар менен үнлес болып, тынышлық-татыўлық, мийрим-шәпәәт ҳәм туўысқанлық сыяқлы уллы пазыйлетлерди улығлап келмекте.

Қутлы 300 жыллық туўылған күни ЮНЕСКО қәўендерлигинде халықаралық көлемде белгиленип атырған уллы шайыр шығармаларының түп мәнисинде «Дүньяны жақсылық, дослық, бирге ислесиў, мийрим-шәпәәт ҳәм инсаныйлық қутқарады», деген ийгиликли идея сәўлеленген.

Сол мәниде, ким түркмен халқының жүрегин аңламақшы болса, түркмен елине тән мәртлик, досқа садықлық сыяқлы жоқары пазыйлетлер дәрегин билмекши болса, әлбетте Мақтымқулы дөретиўшилиги менен таныс болыўы керек.

Мақтымқулы өзбек халқы ушын да оғада ардақлы ҳәм сүйикли тулға екени менен биз ҳақылы түрде мақтанамыз. Ол Хийўадағы Шерғазыхан медресесинде оқыған, дүньялық ҳәм диний илимлерди терең үйренген. Соның менен бирге, ол уллы өзбек шайыры Әлийшер Наўайы дөретиўшилигин жоқары қәдирлегени де ортақ тарийхымыз бетлери арқалы жақсы белгили.

Бүгинги күнде үлкемизде Мақтымқулының гөззал қосықлары ҳәр дайым жаңлап, жүреклеримизде жасап келмекте. Әлбетте, оның өлмес дөретпелери әзелден бир-бирине ағайин ҳәм ийинлес болған халықларымыз арасындағы дослық туйғыларын және де беккемлеўге хызмет етпекте.

Мақтымқулы Пырағый туўылған күниниң 300 жыллығын кеңнен белгилеў ҳаққында елимизде айырықша қарар қабылланды. Бул сәнеге бағышлап әдебий кешелер, таңлаўлар, илимий әнжуман ҳәм семинарлар өткерилмекте. Театрларымызда шайыр ҳаққында спектакльлер қойылып, өзбек ҳәм түркмен кино шеберлери менен биргеликте көркем фильм сүўретке алынды.

Бүгин Ташкент қаласы ҳәм аймақларымыздағы онлаған көше ҳәм бағлар Мақтымқулы аты менен аталады. Ташкент ҳәм Хийўа қалаларында бул уллы келбет ядына бағышлап қурылған комплекслери теберик зиярат орынларына айланған.

Әйне ўақытта биз Түркменстанда да өзбек халқына, оның мәденияты ҳәм көркем-өнери, миллий қәдириятларына үлкен ҳүрмет-итибар көрсетилип атырғанын жоқары баҳалаймыз.

Ҳүрметли дослар!

Бүгин Түркменстан ҳүкиметиниң басламасы ҳәм идеясы тийкарында саўлатлы Мақтымқулы Пырағый мемориал комплекси қурылғаны барлығымызды шексиз қуўанышқа бөлейди. Бул үлкен мәкан туўысқан түркмен елине тән данышпанлық ҳәм кеңпейиллик, жоқары ағартыўшылықтың жарқын тымсалына айланбақта.

Әне, усындай ақылға сай сиясат өткен 30 жыл даўамында унамлы бийтәреплик статусына ийе Түркменстанның мәмлекетшилик тийкарларын беккемлеў, халықтың абаданлығын арттырыў жолында ерискен үлкен табысларында көзге тасланбақта.

Биз туўысқан Түркменстан ҳүкиметиниң басламасы менен Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясы тәрепинен кейинги жылдың «Халықаралық тынышлық ҳәм исеним жылы», деп жәрияланғаны ҳәм бул бойынша өзине тийисли глобал сәўбет платформасы жаратылып атырғанын алғыслаймыз. Сондай-ақ, келеси жылы декабрь айында Ашхабадта болып өтетуғын халықаралық саммит бул ийгиликли жолдағы үлкен ўақыя болады, деп исенемиз ҳәм түркмен досларымызды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға таярмыз.

Әзиз дослар!

Мақтымқулы Пырағый бир пайытлары:

Хызыр гезген шөлде ел қоррам болсын,

Журтымыз бинасы нық турған болсын», деп уллы нийет еткен еди.

Ана Ўатанды шын перзентлик меҳри менен сүйген, оның жарық келешеги ушын гүрескен, Ҳақ ҳәм әдиллик жыршысы Мақтымқулы Пырағыйдың арзыў-нийет ҳәм әрманлары бүгин толық жүзеге шықпақта. Туўысқан Түркменстан жедел раўажланып, мәмлекетте абатлық ҳәм абаданлық, мәмлекеттиң халықаралық абырай-мәртебеси барған сайын жоқарылап баратырғаны дос Өзбекстан халқын да жүдә миннетдар етпекте.

Сөзимниң жуўмағында, тилегим сол, дүньға Махтымқулы Пырағый сыяқлы уллы инсанларды берген түркмен дияры ҳәр қашан гүллеп-жаснасын!

Халықларымыз тыныш-татыў, әзелий дослығымыз мәңги болсын!