Жақында И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейинде жансыз тасқа жан енгизген мүсинши, өтмиш дәўирлерди түрли жанрларда сәўлелендирген белгили художник, елимизде биринши мәрте  керамика тараўында жемисли мийнет еткен қолы гүл өнермент Ибрайым Жолымбетовтың туўылғанына 60 жыл толыўы мүнәсибети менен көргизбе кешеси өткерилди.

Көргизбеде художниктиң 100 ден аслам дөретиўшилик жумыслары қойылды.

Белгили художник И.Жолымбетов 1958-жылы туўылған. Орта мектепти табыслы тамамлап (1975-жыл), пайтахтымыздағы Жапақ Шамуратов атындағы көркем өнер билим журтында билим алады (1979-жыл), соң 1986-жылы Ташкент мәмлекетлик театр ҳәм сүўретлеў институтында сүўретлеў өнериниң сырларын үйренеди.

Ол өз дөретиўшилик жумысын өткен әсирдиң жетписинши жылларында баслады.

Художниктиң «Қорқыт ата», «Бөрилерди аўлаў», «Шыңғысхан», «Сүйинбийке», «Савицкий» «Аллаяр Досназаров», «Ибрайым Юсупов» дөретпелери  жыйналғанларда айрықша қызығыўшылық оятты.

-«Бөрилерди аўлаў» шығармасын тамашалап, онда қарақалпақларда келин түсип, беташар болатуғын пайытта «минези жумсақ болсын» деп аяғының астына қойдың терисин төсейди. Ал, балаға айдартой бергенде, баланың аяғының астына қасқырдың терисин жаяды. Бундағы түсиник, «баламыз қасқырдай қайсар, ғайбар болсын» деген нийет. Ҳақыйқатында, бөри ҳеш нәрседен қайтпайтуғын айбықәддем аң. Ата-бабаларымыз соның ушын да бөрини кийе тутқан. Бөриниң терисинен бас кийим кийген. Буны «бөрик» деп атаған. Бөриниң туяғын, тисин баланың бесигине байлап қойған. Ҳәтте, жас балалардың моншағына да «тил-суқты қайтарады» деп бөриниң тисин тағып қойған, – дейди Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының әдебий мәсләҳәтшиси Сейдин Әмирлан. Қулласы, И.Жолымбетовтың «Бөрилерди аўлаў» деген картинасында репрессия қурбаны болған мәмлекетлик, сиясий ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер – А.Досназаров, К.Нурмуҳаммедов, С.Мәжитов, Қ.Ерманов, И.Бекимбетов ҳәм т.б. онлаған усындай ел азаматларының жазықсыз жазаланғаны сәўлеленген.

Мағлыўмат орнында соны да атап өтпекшимиз, художник бул уллы тулғалар ҳаққында өз алдына картиналар жаратқан.

Қарақалпақ сүўретлеў өнериниң белгили ўәкили И.Жолымбетовтың дөретпелери дүньяның қырқтан аслам музейлеринде сақланып келинбекте.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы