«Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (омбудсман) ҳаққында»ғы нызам пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаўды толық тәмийинлеў ҳәм күшейтиўди нәзерде тутыўшы бир қатар өзгерислерди өз ишине алған.
Атап айтқанда, Омбудсман Өзбекстан Республикасы Президенти, Олий Мажлис палаталары ҳәм Министрлер Кабинетине өз алдына есабатлар, сондай-ақ, ҳәр жылы Олий Мажлис палаталарына өз жумысы ҳаққында миллий баянат усыныўы белгиленбекте.
Омбудсманның нызамшылық усынысларын нызамшылық басламасы тәртибинде Нызамшылық палатасына киргизиў ҳуқықы енгизилмекте.
Сенаттың Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитети мәжилисинде усы нызам додаланды ҳәм онда Омбудсман ҳәм оның орынбасарының ўәкилликлери, қол қатылмаслығының қосымша кепилликлери де енгизилип атырғаны атап өтилди.
Нызамға «Омбудсман қутысы» түсиниги киргизилмекте. Бул жазаны орынлаў мәкемелери ҳәм тергеў қамақаханалары аймағында орнатылыўы ҳәм оған еркинен айырылған шахслардың мүрәжат етиў тәртиби белгиленди. Нызамда Омбудсманның регионаллық турақлы статусы да енгизилмекте.
Додалаў даўамында сенаторлар тәрепинен нызамның қабылланыўы Омбудсман институтының жеке миллий институт сыпатындағы әҳмийетин және де арттыратуғыны, институционал тийкарларын жеделлестиретуғыны атап өтилди. Структураның инсан ҳуқықлары менен еркинликлерине әмел етилиўин тәмийинлеў бойынша ўәкилликлери кеңейип, аймақлардағы қатнасыўы толық тәмийинленеди.
Мәжилисте «Адам саўдасы жынаяты ушын жаза илажлары күшейип атырғанлығы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 135-статьясына өзгерис киргизиў ҳаққында»ғы нызам да додаланды.
Нызам инсан ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамшылық мәплерин исенимли қорғаў менен байланыслы мәселелерде, атап айтқанда, адам саўдасы жынаяты ушын пропорционал санкциялар енгизиў зәрүрлигинен келип шыққан ҳалда ислеп шығылғаны атап өтилди.
Өз гезегинде, адам саўдасы жынаяты урлаў, зорлық ислетиў ямаса зорлық ислетиў арқалы қорқытыў ямаса мәжбүрлеўдиң басқа көринислерин қолланыў арқалы әмелге асырғаны ушын жаза илажы күшейип атырғаны айырықша атап өтилди.
Буннан тысқары, адам саўдасы жынаяты объекти бойынша аўырластырыўшы бәнтлер сыпатында ҳәмиледар ҳаялға байланыслы жүз бериў белгиси анықланбағаны, сол көзқарастан келип шығып, нызам менен Жинаят кодексине усы қылмысларды ислеген шахсларға салыстырғанда аўыр жаза илажларын белгилеўши өзгерислерди киргизиў усыныс етилип атырғаны атап өтилди.
Додалаўлар даўамында сенаторлар бул нызамның турмысында енгизилиўи адам саўдасы менен байланыслы жынаятлардың алдын алыўға, оған қарсы нәтийжели гүресиўге, бундай қылмыслар ушын пропорционал жаза илажлары белгилениўине, қалаберсе, балалар ҳәм ҳаял-қызлар ҳуқықлары нәтийжели қорғалыўына хызмет ететуғынын атап өтти.
Норгул АБДУРАИМОВА,
ӨзА хабаршысы