Өзбекстан Бурунди менен дипломатиялық қатнасықлар орнатты. Бул ҳаққында Өзбекстан Сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов өз Telegram каналында хабар берди.
Министр Бурунди сыртқы ислер, раўажланыў ҳәм бирге ислесиў министри Алберт Шингиро менен биргеликте БМШ бас резиденциясында тийисли биргеликтеги коммюникеге қол қойғаны ҳаққында жазды.
Бул ҳүжжет мәмлекетлеримиз арасындағы еки тәреплеме бирге ислесиў потенциалын жүзеге шығарыўда тийкар болып хызмет етеди, деп атап өтти ол.
Бул арқалы Бурунди Өзбекстан менен дипломатиялық қатнасықлар орнатқан 152-мәмлекет болды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги