“Бир кишкене елдиң шайыры болсам да,

Мен уллы ислердиң парқын билгенмен.

Тикенекли тар соқпақтан барсам да,

Талай үлкен жолдан жүрип көргенмен.”

“Әжинияздың монологи”.  И.ЮСУПОВ

 

Мақаламызды бул қосық қатарлары менен бийкарға басламадық. Өйткени, халқымыздың сүйикли шайыры, Өзбекстан Қаҳарманы Ибрайым Юсуповтың қәлемине тийисли бул “Әжинияздың монологи” қосығының дәслепки усы бир куплетиниң өзинен-ақ Әжинияз шайырдың басып өткен үлкен өмир жолы менен үлкен шайырлық абырайын көз алдымызға келтириўимизге болады. Қосықта көринип турғанындай ол кишкене бир елдиң шайыры болса да, уллы ислердиң парқын билген,тикенекли тар соқпақлардан мәрдана жүрип өтип, өз халқының арзыў-әрманларын жүдә шеберлик пенен жырлап, дүньяға танытқан  уллы сөз зергери екенлиги айқын көринеди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жылдың 16-июльдеги “Атақлы қарақалпақ шайыры ҳәм ойшылы Әжинияз Қосыбай улы туўылғанының 200 жыллығын мүнәсип белгилеў ҳаққында”ғы ПҚ-258-санлы арнаўлы қарарында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша усы жылдың 24-сентябри күни Ташкент қаласындағы Өзбекстан Көркем өнер академиясының Орайлық көргизбелер залында  Әжинияз Қосыбай улының өмири ҳәм дөретиўшилигине арналған китаплар, сүўретлеў өнери ҳәм халық әмелий көркем өнери үлгилериниң көргизбеси өткерилди.

Көргизбени усы академияның баслығы Акмал Нуриддинов кирис сөз бенен ашты ҳәм көргизбениң жумысына табыслар тиледи.

Буннан соң қарақалпақстанлы бир топар ўәкиллерди баслап келген Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Тәжибай Романов сөзге шығып,усы қарар тийкарында исленип атырған жумысларға кеңнен тоқтады.

-Қарақалпақ классик әдебиятының көрнекли ўәкили Әжинияз бабамыздың туўылғанының 200 жыллығын мүнәсип белгилеў бойынша Президентимиздиң қарары қабыл етилгеннен соң Қарақалпақстан ҳүкимети  тәрепинен көп ғана жумыслар шөлкемлестирилип әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, ең биринши гезекте Әжинияз Қосыбай улының өмири ҳәм дөретиўшилигине бағышлап жаратылған көркем, илимий-жәмийетлик шығармалар, туўысқан түркий тиллердеги ҳәм орыс тилиндеги таңламалы шығармалар топламын, сондай-ақ, жазыўшы Караматдин Султановтың “Әжинияз” романын рус, өзбек ҳәм қарақалпақ тиллеринде  басып шығарыў, жас дөретиўшилер арасында “Айт сен Әжинияздың қосықларынан” атлы таңлаў өткериў ҳәм Әжинияздың сүўрети түсирилген көкирек белгисин ислеп шығарыў, дөретиўшилик мектеплери оқыўшылары арасында шығармалар таңлаўын өткериў, талантлы оқыўшыларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде республика көлеминде 6-класс оқыўшылары арасында дөретиўшилик таңлаўларын өткериў ҳәм басқа да илажларды режелестириў ислери әлле қашан қолға алынған. Бүгинги өткерилип атырған бул көргизбемиз де усындай ийгиликли ислердиң даўамы болып табылады. Әсиресе, Әжинияз шайырдың Мойнақ районындағы қәбирин абаданластырыў ҳәм усы районда Әжинияз атындағы экопарк шөлкемлестириў ислериниң қолға алынып атырғаны халқымыз тәрепинен қызғын қоллап-қуўатланбақта. Әлбетте, бул ушын Президентимизге деген халқымыздың миннетдаршылығы шексиз,-деди Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Т.Романов ҳәм көргизбе сарайы жәмәәтине естелик-саўғаларын тапсырды.

Буннан соң сөзге шыққан  Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Улбосын Өтегенова бүгинги көргизбеге қарақалпақстанлы художниклер де өз мийнетлери менен қатнасып атырғанлығын мақтаныш пенен тилге алды. Олардың арасында белгили художник, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың ийеси Барлықбай Айтмуратов ,белгили художник Мурат Худайбергенов ҳәм басқалардың Әжинияздың өмири менен дөретиўшилигине бағышлаған  картиналары өзиниң бийтәкирарлығы менен көзге тасланады. Олардың әжайып картиналары тамашагөйлердиң кеўилинен шығады деген ойдамыз.

Ҳақыйқатында да, көргизбелерди аралап көрсеңиз Б.Айтмуратовтың “Бозатаў”картинасының алдында ерксиз тоқтайсаң. Әжинияздың “Бозатаў”поэмасындағы ҳәсиретли ўақыялар көз алдыңда қайта жанланады. Художниктиң сүўретлеў шеберлигине тағы да қайыл қаласаң ҳәм сол ўақытта шайыр И.Юсуповтың “Әжинияздың монологи”қосығының мынадай қатарлары еске түседи;

“Наркес кирпик қумар көздиң қарасы,

Қыз өңирин жас пенен жуўғанын көрдим.

“Бул дүньяның көрки адам баласы”,

Соншелли қорыў-зар болғанын көрдим.”

Портрет пенен бул қосық қатарлары арасында тығыз байланыс бардай ҳәм бул бир-бириниң мазмунын тағы да байытып турғандай сезилер еди маған.

Кеше даўамында Нөкис қаласындағы опера ҳәм бақсышылық көркем өнерине қәнигелестирилген мектеп-интернатының директоры, опера қосықшысы Дәрибай Хожамбергеновтың “Әжинияз” операсынан атқарған ариялары менен Нөкис қәнигелестирилген мәденият мектебиниң оқытыўшысы, бақсы  М.Аекеевтиң атқарған “Бозатаў”қосықлары бизиң Әжинияздың өмири ҳәм дөретиўшилиги туўралы түсинигимизди тағы да байытып, тыңлаўшыларда айырықша тәсирлер қалдырды. Сондай-ақ,уллы шайыр бабамыздың басып өткен машақатлы өмир жолы ҳәм дөретпелери туўралы көргизбе қатнасыўшыларына кең түрде сөйлеп берген Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң оқытыўшысы, филология илимлериниң докторы, профессор Пердебай Нуржанов, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының оқытыўшысы, филология илимлери бойынша философия докторы Қабыл Мәмбетов, Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң Гуманитар илимлер илим-изертлеў институтының директоры, тарийх илимлериниң докторы Мақсет Қарлыбаев ҳәм басқалар өзлериниң баҳалы пикирлери менен ортақласты.

Көргизбе қатнасыўшылары арасында Қарақалпақстанда туўылып өсип, ҳәзирги күнде Ташкент қаласында жасап ҳәм мийнет етип атырған Ташкент халық аралық химия университетиниң кафедра баслығы Сулыўхан Исмайлова Әжинияз бабамыздың өмир жолы, дөретиўшилиги менен жақыннан танысып айрықша тәсирлер алдым, бул бизге үлкен руўхый азық болды,-деди толқынланып.

-Әкем балалығымызда үйде Әжинияз шайырдың қосықларын ядқа айтып отыратуғын еди. Әкемиз Әжинияз шайырды устаз санаған ақыры,-дейди талантлы шайыр, Өзбекстан халық шайыры Тилеўберген Жумамуратовтың перзенти ташкентли Замира апа Жумамуратова.-Кешеден жүдә үлкен руўхый заўық алдым, шөлкемлестириўшилерге мың-мың рахмет.

Дурысында да, Әжинияздың қосықлары инсанды шын мәнисинде заўықландырады. Жаслығынан илимге қуштар Әжинияз Қосыбай улы Хийўадағы Шерғазыхан ҳәм Қутлымурат инақ медреселеринде тәлим алып, дүньялық илимлерди ийелеп, қарақалпақ поэзиясына жаңаша форма ҳәм мазмун алып кирген күшли лирик шайыр. Оның басып өткен өмир жолы менен дөретиўшилигин үйрениў-өсип киятырған жас әўладларымызды Ўатан сүйиўшиликке, туўрылыққа, инсаныйлық пазыйлетлерге үйретеди.Әжинияз поэзиясының бийтәкирар гөззаллығы менен қунлылығы да сонда. Шайыр И.Юсуповтың;

“Егер,мен өлгенде тирилтпек болсаң,

Айт сен Әжинияздың қосықларынан” деген қатарлары маған бул сөзимиздиң ҳақыйқатлығын дәлийллеп турғандай сезиледи.

Шайыр өзиниң өмири даўамында ғайры елатларды гезип,ел аралап, жат жерлерде жүрсе де “Аты қарақалпақ еллерим барды”деп өзиниң туўылып-өскен елин, халқын мақтаныш етип көклерге көтереди.Хош ҳаўаз бақсының;

“Өтирикти рас етип айтпаған,

Бас кетсе де туўры жолдан қайтпаған.

Намәҳремди ҳасла жолдас тутпаған,

Бирликли Қоңыраттай еллерим барды”,-деп бул қосықты кәмине келтирип атқарып атырғаны да көргизбе қатнасыўшыларының ҳәр бириниң кеўилине уялап атырғанын тамашагөйлердиң уйып тыңлап отырғанынан-ақ аңлаў қыйын емес еди..

Кеше қатнасыўшылары Әжинияздың бай мийрасын үйрениў арқалы оның бийтәкирар дөретиўшилиги қарақалпақ әдебиятына қосқан бийбаҳа мийрасын қәстерлеўдиң қаншелли дәрежеде әҳмийетли екенин тағы да тереңирек түсинди. Усы жерде уллы шайыр Ибрайым Юсуповтың “Әжинияздың монологи”қосығының ақырғы куплети менен мақалама жуўмақ жасағым келеди;

 

“Мен сөнермен, сөнбес үмит қуяшы,

Бир күн дәўран келер инсаниятқа.

“Бул дүньяның көрки адам баласы”,

Деп дәртли Зийўарды алысар ядқа.”

 

Мине, сол Әжинияз аңсаған бахытлы дәўран, азат ҳәм еркин заман. Дәртли Зийўарды еске алыў бахты бүгин бизлердиң ҳәр биримизге тийисли болып,Ташкенттей әзим шәҳәрдиң гөззал аспанында “Аты қарақалпақ еллерим барды”деп қосық болып жаңлап атыр. Бул болса”кишкене бир елдиң үлкен шайыры”ның мәңгиликке мөрленген әжайып қосығы еди.

 

Гүлнара НУРЛЕПЕСОВА,

Өзбекстан жазыўшылар аўқамының ағзасы,

            Ташкент қаласы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги