Президент Шавкат Мирзиёев 24-сентябрь күни кәсиплик билимлендириўди раўажландырыў ҳәм миллий маманлық системасын реформалаўға байланыслы усыныслар презентациясы менен танысты.
Бул ҳаққында усы жылы 5-февраль күни социаллық тараўлар бойынша болып өткен видеоселектор мәжилисинде ўазыйпа қойылған еди. Өткен ўақыт даўамында системаның нәтийжелилиги сын көзқарастан үйренилип, қосымша илажлар ислеп шығылды.
Ҳәзирги күнде профессионал билимлендириў системасы үш түрдеги мәкемелер: 333 кәсип-өнер мектеби, 227 техникум ҳәм 112 колледжден ибарат. Олар классификацияланғаны ҳәм бағдарламалары арасында байланыс болмағанлығы себепли бар қуўатлылықлардан үнемли пайдаланылмай атыр.
Сол себепли бул 3 түрдеги мәкемелер негизинде техникумлар тармағын раўажландырыў усыныс етилмекте. Оған бола, 600 техникум қурылады. Оптималластырыў нәтийжесинде босайтуғын 71 мәкеме имараты мектеплерге айландырылып, 42 мыңға шамалас жаңа оқыўшы орны жаратылады.
Буннан тысқары, алдын колледжлер түрли министрлик ҳәм уйымларға қараслы еди. Енди бул системада басқарыў, шөлкемлестириў ҳәм методикалық жақтан бирден-бир мәмлекетлик сиясат Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги тәрепинен жүргизиледи.
Заман талапларына тез бейимлесиў ушын техникумлардың академиялық еркинлигин кеңейтиў мөлшерленбекте. Оқыў мүддетлери ҳәм даўамлылығы кәсип қурамлылығы ҳәм оқыўшының билим дәрежесине қарап белгилениўи нәзерде тутылмақта.
Техникумларда билимлендириў сапасын ҳәм тартымлылығын арттырыў мақсетинде халықаралық билимлендириўдиң бағдарламалары жолға қойылады. Дәслеп, тәжирийбе тийкарында, 14 техникумда Англияның “BTEC” бағдарламасы енгизиледи. Питкериўшилерге 70 мәмлекетте тән алынатуғын диплом бериледи ҳәм 200 ден аслам сырт ел университетлерине кириў имканияты жаратылады. Нәтийжеге бола, бул тәжирийбе басқышпа-басқыш басқа техникумларға да қолланылыўы мүмкин.
Қабыллаў процесин жумыс бериўшилердиң талабы тийкарында қәлиплестириў де әҳмийетли. Усы мақсетте электрон платформа жаратылып, оған барлық министрлик ҳәм тармақлар жалғанады. Техникумлардың билимлендириў бағдарламалары санаат тармақлары, исбилерменлер бирлеспелери, ири жумыс бериўшилер ҳәм аўқамлар менен келисилгенинен соң әмелиятқа киргизиледи.
Презентацияда Миллий маманлықты арттырыў системасын реформалаў мәселелери де көрип шығылды.
Соңғы жыллары бул бағдарда белгили жумыслар исленди. Бирақ ўазыйпалар оннан да көп. Мыңнан аслам жумысшы кәсиплердиң стандартлары ислеп шығылмаған. Айырым кәсиплер бойынша квалификациялар халықаралық талапларға сәйкес келмейди.
Сол себепли, енди Кәсиплик маманлықты ҳәм билимлерди раўажландырыў республикалық кеңесине Бас министр басшылық етеди. Оның қурамында 24 жаңа тармақ кеңеслери дүзиледи.
Сондай-ақ, Билимлендириў тараўындағы жойбарлар офиси жанындағы Миллий маманлықты арттырыў системасын раўажландырыў институтының жумысы жолға қойылады. Институт раўажланған мәмлекетлер тәжирийбеси тийкарында Миллий маманлықты арттырыў рамкасын жаңа редакцияда қабыл етеди. Лаўазым ҳәм кәсиплер классификаторы қайта көрип шығылады, 100 ге шамалас заманагөй кәсиплер киргзилип, ҳәзир әмелиятта болмағанлары шығарылып жибериледи.
Мәмлекетимиз басшысы техникумларды үскенелер ҳәм жумыс қураллары менен тәмийинлеў, заман талапларына сай келетуғын жумысшы қәнигелер таярлаў, буның ушын әмелиятта кең орын бериў бойынша өз пикирлерин билдирди.
ӨзА