Мәмлекетимиз басшысы мәмлекетимиз алдында сыртқы мийнет миграциясы тараўында ашылып атырған үлкен имканиятларды толық иске қосыў зәрүр екенлигин атап өтти.
Усы мүнәсибет пенен Сыртқы мийнет миграциясы агентлиги Ҳүкимет бойсыныўына өткериледи ҳәм Беҳзод Мусаев оған басшы етип тайынланады.
Агентликке пуқараларымыздың сырт елдеги жоқары дәраматлы мийнет базарларына кириўи бойынша басланған жумысларды жеделлестириў тапсырылды. Ҳәкимлер ҳәм сырт елдеги дипломатиялық ўәкилханалар сырт елде мийнет етип атырған ўатанласларымыздың тәғдири ушын агентлик пенен теңдей жуўапкер болатуғыны белгиленди.
ӨзА