Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Астана қаласына әмелий сапарын жуўмақлап, Ташкентке жөнеп кетти.

Аэропортта мәмлекетимиз басшысын Қазақстан Республикасы Бас министри Олжас Бектенов шығарып салды.

Бүгин «Орайлық Азия – Германия» саммити шеңберинде өткерилген илажларда Президентимиз регион мәмлекетлери ҳәм Германия арасындағы көп тәреплемели ҳәм әмелий бирге ислесиўди және де кеңейтиў бойынша әҳмийетли усыныс ҳәм басламаларды алға қойды.






ӨзА