Астана қаласына сапар бағдарламасына муўапық, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Орайлық Азия мәмлекетлери жетекшилери ҳәм Германияның алдыңғы компаниялары ҳәм банклери басшыларының ушырасыўында қатнасты.

Илажда Германия Федераль Канцлери Олаф Шольц, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон ҳәм Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов та қатнасты.

Германия исбилермен топарларына “KNAUF”, “Gunter Papenburg”, “CLAAS”, “Siemens Energy”, “Aurubis”, “Ernst Klett”, “Siemens Healthineers”, “Herrenknecht”, “DB Engineering & Consulting”, “Svevind Energy”, “Rhenus”, “HMS Bergbau” сыяқлы жетекши компания ҳәм банклердиң басшылары ўәкиллик етти.

Өзбекстан Президенти қатнасыўшыларды қызғын қутлықлап, кеше ғана Самарқанд қаласында Германияның исбилерменлери менен болып өткен нәтийжели ушырасыўдың табыслы нәтийжелерин қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Сөйлесиўлердиң нәтийжелери мәмлекетлеримиз исбилерменлеринде өз-ара бирге ислесиўди тереңлестириў, Германия алдыңғы тәжирийбеси ҳәм инновациялық технологиялық шешимлери тийкарында биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўға болған қызығыўшылығы артып баратырғанын көрсетти.

Мәмлекетимиз басшысы регионаллық бирге ислесиў шеңберинде Германия менен шерикликти және де кеңейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратты.

Орайлық Азия регионы бүгинги күнде турақлы экономикалық раўажланыў пәтлерин көрсетип атырған кең ҳәм жедел базар екени атап өтилди.

Оған мәмлекетлер арасындағы шегаралардың ашылғаны, регион ишиндеги товар алмасыў, инвестициялар, жүк тасыў көлеми, туристлер барды-келдисиниң көбейиўи ушын зәрүр шараятлар жаратылғаны хызмет етти.

Мәмлекетимиз басшысы Орайлық Азия регионының инвестициялық тартымлылығын арттырыў зәрүр екенлигине айрықша итибар қаратты.

Усы көзқарастан, бүгин болып өткен саммитте өз-ара пайдалы сөйлесиў ушын турақлы орталық – «Орайлық Азия ҳәм Германия» Инвесторлар ҳәм исбилерменлер кеңесин шөлкемлестириў ҳәм оның биринши ушырасыўын келеси жылдың бәҳәринде Ташкент инвестиция форумы шеңберинде өткериў басламасы алға қойылды.

Сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысы Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Германия арасындағы инвестициялық ҳәм технологиялық бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша «жол картасы»н таярлаўды усыныс етти. Бул ҳүжжетке Германия компаниялары инвестицияларының ағымын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеў, сондай-ақ, олардың Орайлық Азия мәмлекетлериндеги жумысын қаржылай қоллап-қуўатлаў механизмлери киргизилиўи мүмкин.

Ҳәзирги күнде региондағы бирге ислесиўшилер менен биргеликтеги инвестициялық фондлар ҳәм компаниялардың жәрдеминде арнаўлы экономикалық зоналар ҳәм индустриал «хаблар» шөлкемлестирилмекте, санаат, «жасыл» энергетика, аўыл хожалығында ири жойбарлар әмелге асырылмақта, инфраструктура модернизацияланбақта.

Бундай жойбарларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде сырт еллердиң жетекши инженерлик орайлары, инвестиция ҳәм санаат кәрханалары белсене тартылмақта.

Мәмлекетимиз басшысы Германия компанияларын регионаллық кооперация жойбарларын өз-ара пайдалы шәртлерде әмелге асырыўда белсене қатнасыўға мирәт етти.

Сөзиниң соңында Өзбекстан Президенти Германияның жетекши компаниялары ҳәм банклери басшылары менен усы форматтағы турақлы сөйлесиўлер өз-ара пайдалы көп тәреплеме бирге ислесиў ушын кең имканиятлар ашатуғынына исеним билдирди.

ӨзА