Ҳүрметли делегациялар басшылары!

Сизлерди қутлықлаўдан шын жүректен қуўанышлыман.

Қызғын қабыллағаны ҳәм ушырасыўларымызды жоқары дәрежеде шөлкемлестиргени ушын Қазақстан Республикасы Президенти ҳүрметли Қасым-Жомарт Кемелевич Тоқаевқа билдирилген миннетдаршылық сөзлерине қосыламан.

Германия Федерал канцлери ҳүрметли Уллы Мәртебели мырза Олаф Шольц регионымыз мәмлекетлери менен көп тәреплемели шерикликти кеңейтиў тәрепдары екени ушын миннетдаршылық билдиремен.

Бизиң Берлиндеги дәслепки ушырасыўымыз ҳәм бүгинги саммит анық, әмелий нәтийжелерге ерисиўге қаратылган ашық ҳәм конструктивлик қарым-қатнасығымызды даўам етиўге болған улыўма умтылысымызды және бир мәрте тастыйықламақта.

Биз алға қойылған басламаларды әмелге асырыў механизмлери ислеп шығылатуғын бундай форматтағы ушырасыўларды турақла өткерип барыўдан мәпдармыз.

Ҳүрметли Уллы Мәртебели Федерал Канцлер!!

Биз Германияның мәмлекетлеримизде алып барылып атырған демократиялық өзгерислер ҳәм социаллық-экономикалық реформаларды, Орайлық Азиядағы бирге ислесиў ҳәм интеграцияны исенимли ҳәм турақлы қоллап-қуўатлаўын жоқары қәдирлеймиз.

Соны айрықша атап өтемен, бизиң қатнасықларымыз терең тарийхый тамырларға ийе. XVIII әсирде-ақ Европадағы Ағартыўшылық дәўириниң уллы композиторы Гендель өз дөретиўшилигиниң уллы дөретпелеринен бири болған «Әмир Темур» операсын жаратқан. Уллы шайыр ҳәм философ Гёте өзиниң бир қатар белгили дөретпелерин цивилизация орайлары болған әййемги қалаларымызға бағышлаған.

Және бир тарийхый мысалды келтиремен. XX әсирдиң басында Орайлық Азияның бир топар талантлы, раўажланыўға умтылыўшы жаслары Германияның жетекши университетлеринде билим алған ҳәм соңынан ағартыўшылық идеяларын алға қойыўға, регионымыздың социаллық-экономикалық раўажланыўына үлкен үлес қосқан.

Биз бүгин Германияны турақлы раўажланыў бойынша миллий мақсетлерге ерисиўде әҳмийетли бирге ислесиўшилеримизден бири сыпатында көретуғынымды атап өтпекшимен.

Соңғы жыллары Орайлық Азияда жүз берип атырған терең, фундаментал өзгерислерге қысқаша тоқтап өтпекшимен.

Биз ашық ҳәм нәтийжели сөйлесиўди жолға қойдық, шегара, суў, энергетика, саўда, транзит пенен байланыслы көплеген машкалдаларды еркин шешип атырмыз.

Жақында бул жерде, Астана қаласында регион мәмлекетлери басшыларының алтыншы ушырасыўын өткердик.

Регионның халықаралық субъект сыпатындағы орны беккемленбекте, дүньяның жетекши мәмлекетлери менен «Орайлық Азия плюс» форматындағы бирге ислесиўи кеңеймекте.

Регион ишиндеги саўда айланысы, инвестициялар, жүк тасыўлары, пуқаларымыздың саяхатшылық сапарлары көрсеткишлери бир неше есеге өсти.

Биз «жасыл» энергетика ҳәм транспорт коммуникацияларын раўажландырыў тараўларындағы ири регионаллық жойбарларды әмелге асырыўды додалап атырмыз.

Тәжирийбе ҳәм технологияларды алмасып атырмыз, санаат ҳәм аўыл хожалығы тараўларында заманагөй кәрханалар шөлкемлестирип атырмыз, кооперация жойбарларын хошаметлеў бойынша каржылай қуралларды енгизип атырмыз.

Ең әҳмийетлиси, регионымыздың ертенги күни, оның қәўипсизлиги ҳәм турақлы раўажланыўы тек ғана бизиң сиясий ерк-ықрарымыз ҳәм ис-ҳәрекетлеримизге байланыслы екенин анық көз алдымызға келтирмектемиз.

Биз европалы шериклеримиз, бәринен бурын, Европа Аўқамының мәмлекетлеримиз менен бирге ислесиў бойынша стратегия ҳәм көп тәреплеме бағдарламаларының тийкарғы интакери болған Германияның қызығыўшылықларын қызғын алғыслаймыз.

Келеси жылы «Орайлық Азия – Европа Аўқамы» форматындағы гезектеги саммитти Өзбекстанда, ушырасыўымыз күн тәртибиндеги тийкарғы теманы регион келешегине инвестициялар деп белгилеген ҳалда, өткериўге таярлық көрип атырмыз.

Ҳүрметли кәсиплеслер!

Қарама-қарсылықлар ҳәм урыслар, улыўма, глобал көлемдеги турақсызлық ҳәм жағдай қай тәрепке өзгериўи анық емес болып қалып атырғаны, санкциялар сиясаты, протекционизмниң күшейиўи ҳәм басқа көплеген факторлар мәмлекетлеримизге ҳәдден тысқары унамсыз тәсир көрсетпекте, миллий реформаларымызды әмелге асырыўда үлкен сынаққа айланбақта.

Кеше ҳүрметли Уллы Мәртебели мырза Олаф Шольц пенен Самарқандтағы сөйлесиўлеримиз даўамында мен бүгинги ушырасыўымызда күтип атырған жоқары нәтийжелер ҳаққында пикир алыстым.

Усы мүнәсибет пенен Орайлық Азияда Германия менен бирге ислесиўди раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары бойынша көзқарасларымды билдириўди қәлер едим.

Биринши. Орайлық Азия ҳәм Германия арасында орнатылған регионның турақлылығы, турақлы раўажланыўы ҳәм абаданлығын тәмиийнлеў бойынша улыўма мәплеримизге жуўап беретуғын стратегиялық регионаллық бирге ислесиўди жоқары қәдирлеймиз.

Әҳмийетли тараўларда дәстүрий илажларды қамтып алған узақ мүддетли бирге ислесиўди раўажландырыў концепциясын қабыллаўды мақсетке муўапық, деп есаплаймыз.

Усы ҳүжжетти ислеп шығыў ушын «Орайлық Азия – Германия» аналитикалық орайлары Форумын шөлкемлестириў имканиятларын көрип шығыўды усыныс етемиз.

Оның биринши мәжилисин келеси жылы региондағы әййемги қалалардан бири, немис-меннонитлериниң үлкен топары жасаған Хийўада өткериўге таярмыз.

Саммитлеримиз күн тәртиплерин таярлаўда мәмлекетлеримиз сырткы сиясат уйымлары басшыларының жыллық ушырасыўлары әҳмийетли роль атқарады, деп есаплаймыз.

Екинши. Германияның жетекши компаниялары менен инвестициялық ҳәм технологиялық шериклик.

Өзбекстанда немис компанияларының қатнасыўында әмелге асырылған ҳәм перспективалы жойбарлардың улыўма портфели 20 миллиард евродан артпақта. Олар энергетика, химия, таў-кән санааты, машина қурылысы, тоқымашылық, азық-аўқат санааты, аўыл хожалығы, транспорт ҳәм логистика, қурылыс материаллын ислеп шығарыў бағдарларын қамтып алады.

Шериклеримиз арасында – Германияның жетекши, соның ишинде, “Сименс”, “Линде”, “БАСФ”, “МАН”, “Клаас”, “Хенкель”, “Кнауф” ҳәм басқа көплеген компаниялары соңғы бир неше жылда Өзбекстан экономикасына 6 миллиард евро инвестиция киргизди.

Бүгинги күнде немис бизнеси ўәкиллери менен перспективалы режелерди додалаў имканияты бар.

Исбилерменлердиң бирге ислесиўин раўажландырыў мақсетинде төмендегилерди усыныс етемен: Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Германия инвестициялық ҳәм технологиялық бирге ислесиўди кеңейтиўдиң жол картасын ислеп шығыў; шегара аймақларында жаратылып атырған айрықша экономикалық ҳәм санаат зоналарындағы ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе ири инфраструтура жойбарларын әмелге асырыўға жетекши немис компанияларын ҳәм банклерин тартыў; турақлы бизнес-сөйлесиў майданшасы – «Орайлық Азия ҳәм Германия» инвестор ҳәм исбилерменлери кеңесин иске қосыў. Оның биринши ушырасыўын келеси жылы Ташкент инфестиция форумы шеңберинде Өзбекстанда өткериўге таярмыз; инвестицияларды хошаметлеў ҳәм қорғаў ҳаққындағы көп тәреплеме ҳүкиметлераралық келисимди қабыл етиў имканиятын көрип шығыў.

Ушинши. Германияның алдынғы билим ҳәм технологияларын енгизиў тийкарында әҳмийетли шийки зат ресурслары тараўында шериклик.

Алдында атап өткенимиздей, регионымыз пайдалы қазылмаларға бай. Германия минерал ресурслар агентлиги ҳәм немис компаниялары бул тараўда бизиң әҳмийетли шериклеримиз болыўы мүмкин.

Бул жерде гәп геология разведкасы, жедел өзлестириў, қайта ислеў, жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыў, Германия ҳәм Европа Аўқамының басқа мәмлекетлерине жеткерип бериў жойбарлары ҳаққында бармақта.

Өзбекстан қоңсы мәмлекетлердеги бундай жойбарларды биргеликте әмелге асырыўда қатнасыўға таяр.

Регионымызда әҳмийетли шийки зат ҳәм сийрек ушырасатуғын жер асты металлары анықланған кәнлериниң санлы картасын жаратыў бойынша бағдарламаны ислеп шығыўда Германия техникалық жәрдемин тартыў перспективалы болып табылады. Бундай бирге ислесиўдиң исенимли ҳуқықый базасын қәлиплестириў әҳмийетли деп есаплаймыз.

Төртинши. “Жасыл” энергетика.

Соңғы жыллары мәмлекетлеримизде қуяш, самал, гидроэнергетика жедел раўажланбақта, ыссылық станциялары ҳәм тармақлары модернизацияланбақта, «жасыл» водород жойбарлары алға қойылмақта.

Энергетика министрликлери, корпорациялар, операторлар, илимий шөлкемлер, жойбар институтлары ҳәм тармақ экспертлерин тартқан ҳалда Орайлық Азия мәмлекетлериниң Германия менен Энергетикалық қарым-қатнасты жолға қойыў имканиятларын көрип шығыўды усыныс етемиз.

Биз Германия техникалық жәрдемин тартқан ҳалда аз углеродлы экономика тараўында қәнигелеримиздиң потенциалын арттырыў комплексли бағдарламасын таярлаўдан мәпдармыз.

Бесинши. Климат өзгериўине биргеликте жуўап қайтарыў.

Экспертлердиң прогнозына бола, Орайлық Азия регионы глобал ысыў ақыбетлерине оғада байланыслы болып қалмақта. Орташа температураның артыўы дүньядағы орташа көрсеткиштен еки есеге көбирек болмақта.

«Жасыл Орайлық Азия» бағдарламаларының екинши шеңбери иске қосылғаны ҳәм климат өзгерислерине регионның бейимлесиўине жәрдем ушын немис тәрепине миннетдаршылық билдиремен.

Биз Қоршаған орталық ҳәм климат өзгериўлерин үйрениў бойынша Орайлық Азия университетлери базасында биргеликтеги билимлендириў бағдарламаларын ҳәм илимий алмасыўларды әмелге асырыўдан, суўдан ақылға уғрас пайдаланыўда немис технологияларын енгизиў, ирригация системаларын модернизациялаў, биологиялық көп түрлиликти сақлаў, қәниге-экологларды таярлаўда бирге ислесиў бағдарламаларын қабыл етиўден мәпдармыз.

Германия Канцлериниң Орайлық Азия тәбият бирге ислесиўин жаратыў бойынша басламасын әмелге асырыўда белсене қатнасыўға таярмыз ҳәм қоллап-қуўатлаймыз.

Алтыншы. Транспорт коммуникацияларының, соның ишинде, жер үсти ҳәм ҳаўа тасыўларының әззи раўажланғанлығы шериклигимизди тереңлестириўде ең үлкен тосық болмақта.

Орайлық Азияны Европа менен байланыстырыўшы альтернатив транспорт коридорларын раўажландырыўға Европа институтларын тартыўда Германияның жәрдемине сүйенемиз.

Келеси жылы усы бағдарлардың транзит потенциалын арттырыў жолларын излеў бойынша министрлердиң биргеликтеги конференциясын өткериўди усыныс етемиз.

Ҳүрметли делегация басшылары!

Өткен жылы Берлинниң жаңа музейинде регионымыз мәдений-тарийхый мийрасына бағышлап өткерилген көргизбе бундай илажларды турақлы шөлкемлестириў зәрүрлигин және бир мәрте тастыйықлады.

Көргизбеге бир неше ай даўамында миллионнан аслам Германия пайтахты халқы ҳәм мийманлары келди.

Биз мәмлекетлеримизде Мәдений илажлардың биргеликтеги режеси қабыл етилиўи тәрепдарымыз, Германияның ири қалаларында көркем өнер ҳәм кино күнлерин өткериў имканиятларын көрип шығыўды ҳәм музей фондларының бирге ислесиўин орнатыўды усыныс етемиз.

Илимий-ағартыўшылық алмасыў тараўында жетекши жоқары оқыў орынлары шериклиги ушын платформаны иске қосыў, Гёте институты ҳәм Германияның басқа шөлкемлери немис тили оқытыўшыларын таярлаў бойынша бағдарламалар ислеп шығыў әҳмийетли, деп есаплаймыз.

Усы жазда Гёттинген қаласында өткен Пүткил жер жүзилик олимпиадасында өзбекстанлы мектеп оқытыўшыларының жеңиске ерискени де жасларымыздың немис тилин үйрениўге болған жоқары қызығыўшылығына айқын мысал болып табылады.

Саяхатшылық ҳәм мийнет миграциясы тараўында кең көлемли бирге ислесиўди раўажландырыў пуқараларымыз ушын виза тәртиплерин жеңиллестириўге хызмет етеди.

Ҳүрметли кәсиплеслер!

Терроризм ҳәм экстремизм, кибержынаятшылыққа қарсы гүрес, жаслардың радикалласыўының алдын алыў бойынша тығыз бирге ислесиўди даўам етиў әҳмийетли, деп есаплаймыз.

Орайлық Азиядағы қәўипсизлик тараўындағы жағдай Аўғанстанда жүз берип атырған процесслер менен үзликсиз байланыслы болып табылады.

Өз машқалалары менен дерлик өзи қалған бул мәмлекетте гуманитарлық кризистиң тереңлесип кетиўине жол қоймаў әҳмийетли, деп есаплаймыз.

Усы мүнәсибет пенен Германия ҳәм Европадағы басқа шериклеримиз бенен усы мәмлекетти регионаллық экономикалық бирге ислесиўге тартыў, Термиздеги билимлендириў орайында кадрлар, соның ишинде, ҳаял-қызларды, Аўғанстанның тыныш турмысы ушын зәрүр болған қәнигелерди таярлаў бағдарларында биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўға таярмыз.

Сөзимниң жуўмағында соны айрықша атап өтпекшимен, Өзбекстан Орайлық Азия регионы менен Германия көп тәреплемели бирге ислесиў потенциалын және де толық әмелге асырыўдан мәпдармыз.

Исенимим кәмил, бүгинги ушырасыўымыз мәмлекет ҳәм халықларымызды және де жақынластырыўға хызмет етеди, стратегиялық шериклигимизди анық жойбар ҳәм бағдарламалар менен толықтырыўға имканият береди.

ӨзА