Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 17-сентябрь күни Астана қаласында екинши «Орайлық Азия-Германия» саммитинде қатнасты.

Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтиң басшылығында өткен илажда Германия Федераль Канцлери Олаф Шольц, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон ҳәм Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов та қатнасты.

Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Германия арасындағы көп тәреплемели бирге ислесиўди және де тереңлестириў мәселелери көрип шығылды. Инвестиция ҳәм технологиялар, оғада әҳмийетли шийки зат ресурслары, «жасыл» энергетика, транспорт ҳәм логистика байланыслары, климат өзгериўине қарсы гүресиў тараўларында шерикликти раўажландырыў, сондай-ақ, билимлендириў ҳәм мәдений бағдарламаларды әмелге асырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Өзбекстан Президенти өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Германия Орайлық Азия мәмлекетлеринде алып барылып атырған демократиялық өзгерислер ҳәм социаллық-экономикалық реформаларды, региондағы бирге ислесиў ҳәм интеграцияны исенимли ҳәм турақлы қоллап-қуўатлап атырғанын жоқары баҳалады.

– Бизиң Берлиндеги биринши ушырасыўымыз ҳәм бүгинги саммит анық, әмелий нәтийжелерге ерисиўге қаратылған ашық ҳәм конструктивлик сөйлесиўимизди даўам еттириўге болған улыўмалық умтылысымызды және бир мәрте тастыйықламақта,-деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиз басшысы Германия менен қатнасықлар терең тарийхый тамырларға ийе екени, Орайлық Азияда турақлы раўажланыў мақсетлерин тәмийинлеўде Федеративлик Республиканың әҳмийетли орнын айрықша атап өтти. Соңғы жыллары регионда жүз берген терең өзгерислер өз-ара пайдалы бирге ислесиўди жедел раўажландырыўға хызмет етип атырғаны атап өтилди.

Өзбекстан Президенти Орайлық Азияның Германия менен ҳәр тәреплеме бирге ислесиўин және де раўажландырыў мақсетинде бир қатар жаңа баслама ҳәм усынысларды алға қойды.

Бәринен бурын, Өзбекстан басшысы Орайлық Азия ҳәм Германия арасында стратегиялық регионаллық шериклик орнатылғанын жоқары баҳалап, тийкарғы бағдарларда программалық илажларды қамтып алған узақ мүддетли Бирге ислесиўди раўажландырыў концепциясын қабыл етиўди усыныс етти.

Бул ҳүжжетти ислеп шығыў ушын «Орайлық Азия – Германия» аналитикалық орайлары форумын шөлкемлестириў ҳәм оның биринши ушырасыўын келеси жылы Хийўада өткериў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Саммитлер күн тәртибин таярлаўда мәмлекетлеримиз сыртқы сиясат уйымлары басшыларының жыллық ушырасыўлары әҳмийетли роль атқаратуғыны атап өтилди.

Германияның жетекши компаниялары менен инвестициялық ҳәм технологиялық шерикликти күшейтиў тийкарғы ўазыйпа болып есапланады.

Усы мүнәсибет пенен Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Германия арасындағы инвестициялық ҳәм технологиялық бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша «жол картасы»н ислеп шығыў, регионда биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўға Германияның жетекши компания ҳәм банклерин белсене тартыў, «Орайлық Азия ҳәм Германия» Инвесторлар ҳәм исбилерменлер кеңесин дүзиў, сондай-ақ, инвестицияларды хошаментлеў ҳәм қорғаў бойынша көп тәреплеме ҳүкиметлер аралық келисимди қабыл етиў имканиятларын үйрениў усыныс етилди.

Германияның алдыңғы билим ҳәм технологияларын енгизиў тийкарында оғада әҳмийетли шийки зат ресурслары тараўындағы бирге ислесиў перспективалы бағдар сыпатында көрсетип өтилди.

– Бул жерде гәп геология разведкасы, жедел өзлестириў, қайта ислеў, жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыў, Германия ҳәм Европа Аўқамының басқа мәмлекетлерине жеткерип бериў жойбарлары ҳаққында болмақта,-деди мәмлекетимиз басшысы.

Өзбекстан бундай жойбарларды қоңсы мәмлекетлерде биргеликте әмелге асырыўда қатнасыўға таяр екенлиги билдирилди.

Буннан тысқары, регионда анықланған оғада әҳмийетли материаллар ҳәм сийрек гезелесетуғын металлар кәнлериниң санлы карталарын жаратыў бағдарламасын әмелге асырыўда Германияның техникалық жәрдемин тартыўдан мәмлекетимиз мәпдар. Бундай бирге ислесиўдиң исенимли ҳуқықый базасын қәлиплестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

«Жасыл» энергетика тараўындағы бирге ислесиў айрықша әҳмийетке ийе.

– Соңғы жыллары мәмлекетлеримизде қуяш, самал, гидроэнергетика жедел раўажланбақта, ыссылық станциялары ҳәм тармақлары модернизацияланбақта, «жасыл» водород жойбарлары алға қойылмақта,-деди Өзбекстан жетекшиси.

Мәмлекетимиз басшысы энергетика министрликлери, ири корпорациялар, операторлар, илимий шөлкемлер ҳәм тараў қәнигелерин тартқан ҳалда Орайлық Азия мәмлекетлериниң Германия менен Энергетика сөйлесиўин жолға қойыўды усыныс етти.

Германия техникалық жәрдемин тартқан ҳалда аз углеродлы экономика тараўында қәнигелер потенциалын арттырыў бойынша комплексли бағдарламаны таярлаўға қызығыўшылық билдирилди.

Климат өзгериўине қарсы биргеликте гүресиў өз алдына айрықша әҳмийетке ийе.

Усы мүнәсибет пенен Орайлық Азия университети тийкарында қоршаған орталық ҳәм климат өзгериўин үйрениў бойынша биргеликтеги билимлендириў бағдарламаларын ҳәм алмасыўларды кеңейтиў сондай-ақ, Германияның суўдан ақылға уғрас пайдаланыў технологияларын енгизиў, суўғарыў системаларын модернизациялаў, биологиялық ҳәр түрлиликти сақлаў, эколог қәнигелерди таярлаў бойынша бирге ислесиў бағдарламаларын қабыл етиў усыныс етилди.

Өзбекстан Германия Канцлери тәрепинен алға қойылған Орайлық Азия тәбият бирге ислесиўин жолға қойыў басламасын қоллап-қуўатлаў ҳәм оны әмелде жүзеге шығарыўда белсене қатнасыўға таяр.

– Транспорт коммуникацияларының, соның ишинде, жер үсти ҳәм ҳаўа тасыўларының әззи раўажланғанлығы шериклигимизди тереңлестириўде ең үлкен тосқынлық болмақта,-деди Шавкат Мирзиёев.

Усы мүнәсибет пенен Президентимиз Германия тәрепин Орайлық Азияны Европа менен байланыстыратуғын қолайлы транспорт жолларын раўажландырыўға Европа институтларын тартыўда жәрдемлесиўге шақырды.

Мәмлекетимиз басшысы 2025-жылы бундай өзгерислердиң транзит потенциалын арттырыў жолларын излеў бойынша министрлер конференциясын өткериўди усыныс етти.

Өзбекстан Президенти мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди раўажландырыў зәрүр екенлигин атап өтип, биргеликтеги Мәдений илажлар режесин қабыл етиў, Германияның ири қалаларында Орайлық Азия көркем өнери ҳәм киносы күнлерин өткериў, музейлердиң өз-ара бирге ислесиўин жолға қойыў усынысын алға қойды.

Илимий-билимлендириў алмасыўы тараўында жетекши жоқары билимлендириў мәкемелериниң бирге ислесиў платформасын иске қосыў, Гёте институты ҳәм Германияның басқа да шөлкемлерин  тартқан ҳалда дуал билимлендириў тараўында бирге ислесиўди кеңейтиў бағдарламаларын ислеп шығыў, немис тили муғаллимлерин таярлаў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, Германия менен терроризм, экстремизм ҳәм кибержынаятшылыққа қарсы гүресиў, жаслар радикалласыўының алдын алыў мәселелринде тығыз бирге ислесиўди даўам еттириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Өзбекстан басшысы Орайлық Азияда қәўипсизлик тараўындағы жағдай Аўғанстанда жүз берип атырған процесслер менен тығыз байланыслы екенин атап өтти.

– Өз машқалалары менен дерлик жеке өзи қалған бул мәмлекетте гуманитарлық кризистиң тереңлесип кетиўине жол қоймаў әҳмийетли, деп есаплаймыз,-деди Шавкат Мирзиёев.

Соның ушын Германия ҳәм Европаның басқа мәмлекетлери менен биргеликте Аўғанстанды регионаллық экономикалық бирге ислесиўге тартыў ҳәм шегаралас Термиз  қаласындағы Билимлендириў орайы тийкарында Аўғанстанның тыныш турмысы ушын зәрүр болған қәнигеликлер бойынша кадрлар, соның ишинде ҳаял-қызларды таярлаўға қаратылған биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўға таярлық билдирди.

Саммитте Орайлық Азия мәмлекетлери басшылары ҳәм Германия Канцлери де шығып сөйледи.

Илаж соңында Биргеликтеги билдириў қабыл етилди.

ӨзА