Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Германия Федеративлик Республикасы Федерал Канцлери Олаф Шольц 15-16-сентябрь күнлери рәсмий сапар менен мәмлекетимизде болды.
Сапардың тийкарғы илажлары Самарқанд қаласындағы Конгресс орайында өткерилди.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев хәм Германия Федеративлик Республикасы Федерал Канцлери Олаф Шольц жүзбе-жүз сөйлести. Еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери делегациялар қатнасыўында кеңейтилген қурамдағы ушырасыўда хәр тәреплеме додаланды.
Сөйлесиўлердиң жуўмағы бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев хәм Германия Федеративлик Республикасы Федарал Канцлери Олаф Шольц Биргеликтеги декларацияны қабыл етти. Сондай-ақ, еки тәреплеме 8 хүжжет, соның ишинде, миграция хәм мобиллик тараўында хәр тәреплеме шериклик хаққындағы ҳүкиметлераралық келисим, оғада әҳмийетли минераллар тараўындағы бирге ислесиў хаққындағы келисимге қол қойылды.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев хәм Германия Федерал Канцлери Олаф Шольц 16-сентябрь күни Самарқанд қаласында еки мәмлекеттиң жетекши компания хәм банклери ўәкиллери менен ушырасыў өткерди.
Илажда Германия Экономика хәм климатты қорғаў министрлиги парламент мәмлекетлик бас хаткери Михаэл Келлнер, Германия экономикасының Шығыс комитети атқарыўшы директоры Михаэл Хармс, “KNAUF”, “CLAAS”, “Mangold Consulting”, “Gunter Papenburg”, “Siemens Energy”, “Linde Group”, “Aurubis”, “FALK PORSCHE”, “Меtsо”, “Edison technologies”, “Ernst Klett”, “Siemens Healthineers”, “Herrenknecht”, “DB Engineering & Consulting”, “Svevind Energy Group”, “Rhenus”, “HMS Bergbau”, “Textima” сыяқлы жетекши компаниялар ҳәм “KfW Development Bank”, “AKA Bank” банклериниң басшылары хәм ўәкиллери қатнасты.
Мәмлекетимиз басшысы ушырасыў қатнасыўшыларын қызғын қутлықлап, илаж тарийхый Самарқанд қаласында өткерилип атырғаны белгили мәниске ийе екенин атап өтти.
Кеше болып өткен жоқары дәрежедеги нәтийжели сөйлесиўлердиң жуўмақларына жоқары баҳа берилди. Оларда Жаңа Өзбекстанды раўажландырыўдың экономика тармақларын терең трансформациялаў хәм модернизациялау бойынша тийкарғы бағдарламалары қоллап-қуўатланғаны айрықша атап өтилди.
Германияның жетекши компания хәм банклери менен Санаат хәм технологиялық шериклик бойынша қабыл етилген стратегиялық бағдарлама шеңберинде биргеликтеги инвестиция жойбарлары хәм саўда шәртнамаларын қоллап-қуўатлаў ҳәм жеделлестириў бойынша комплексли илажлар ислеп шығыў ҳаққындағы келисимлерге ерисилгени ушырасыўдың тийкарғы нәтийжеси болғаны атап өтилди.
Өзбекстан ҳәм Германия исбилермен топарларының жедел ҳәм әмелий қатнасыўында өз-ара пайдалы шерикликтиң тийкарғы бағдарлары белгилеп алынды. Бул «жасыл энергетика», химия санааты, «жасыл водород» ислеп шығарыў, машина қурылысы, электротехника, тоқымашылық, фармацевтика санааты ҳәм басқа тараўларда санаат кооперациясын нәзерде тутады.
Буннан тысқары, оғада әҳмийетли минерал ресурслар кәнлерин өзлестириў ҳәм оларды терең қайта ислеў, соң Германия ҳәм үшинши мәмлекетлер базарларына экспорт етиў ушын жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыўда Германия компанияларының қатнасыўы перспективалы бағдар сыпатында белгиленди.
Энергетика, транспорт-коммуникация, коммунал ҳәм туризм инфраструктурасы объектлерин модернизациялаў, санаат ҳәм хызмет көрсетиў кәрханаларын меншиклестириў бағдарламасында қатнасыў, сондай-ақ, мәмлекетимизде денсаўлықты сақлаў, билимлендириў ҳәм экология тараўларында социаллық әҳмийетке ийе жойбарларды әмелге асырыў да бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларына киреди.
Ушырасыўда Президентимиз Германия бизнесиниң Өзбекстандағы ири компаниялар менен тығыз бирге ислесиўин жолға қойыў әҳмийетли екенлигине айрықша итибар қаратты.
Усы мәнисте, қурылыс материалларын ислеп шығарыў, металлургия, энергетика, химия, транспорт инфраструктурасы, аўыл хожалығы ҳәм машина қурылысы, медицина ҳәм басқа тараўларда жаңа басламаларды ислеп шығыў ҳәм биргеликтеги жойбарларды әмелге асрырыўды даўам еттириў керек екенлиги атап өтилди.
-Ушырасыўымызды жаңа форматта шөлкемлестирдик. Өзбекстан тәрепинен, тийкарынан, соңғы жыллары исенимли аяққа турып алған ҳәм Германия бизнесиниң мүнәсип бирге ислесиўшиси болған жеке сектор ўәкиллери қатнаспақта, – деди Шавкат Мирзиёев.
Сөзиниң жуўмағында Өзбекстан Президенти барлық қатнасыўшыларға белгиленген режелерди әмелге асырыўда үлкен табыслар тиледи.
Өз гезегинде, Германия Федерал Канцлери Шольц мәмлекетимиз бенен көп тәреплемели байланыслар избе-из раўажланып атырғанын жоқары баҳалап, шерикликте болған қатнасықларды беккемлеў әҳмийетли екенлигин атап өтти ҳәм Германия исбилермен топарлары ўәкиллерин биргеликтеги жойбарлар ҳәм басламаларды әмелге асырыўда қатнасыўға шақырды.
Буннан соң Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Германия Федеративлик Республикасы Канцлери биргеликтеги Басқарыў кадрларын таярлаў мектебиниң ашылыўына бағышланған мәресимде қатнасты.
Жойбар Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясы ҳәм Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги тәрепинен Ханнс Зайдел қоры ҳәм Бавария мәмлекетлик басқарыў мектеби менен биргеликте әмелге асырылды.
Жуўапкерлер видеобайланыс арқалы жетекшилерге жойбар ҳаққында толық мағлыўмат берди. Оның тийкарғы мақсет ҳәм ўазыйпалары мәмлекетимиз аймақларында басқарыў кадрларының социаллық-экономикалық раўажланыў, сырт ел инвестицияларын кеңнен тартыў ҳәм алдыңғы технологияларды өзлестириў бойынша потенциалын арттырыўдан ибарат.
Өзбекстан –Германия саммити жуўмағында терек егиў мәресими болып өтти.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Германия Федерал Канцлери Олаф Шольц Конгресс орайындағы майданда биргеликте терек екти.
Бул Өзбекстан –Германия көп тәреплемели қатнасықларында жаңа басқыш басланғаны, халықларымыз арасындағы дослық ҳәм бирге ислесиў байланыслары беккемленип атырғанының белгиси болды.
Германия Федерал Канцлери Олаф Шольц Самарқандтағы Халықаралық туризм академиясына барды.
2023-жылы Самарқанд қаласында БМШ Пүткил жер жүзилик туризм шөлкеми Бас Ассамблеясының 25-сессиясы шеңберинде ашылған академия туризм тараўын раўажландырыў бойынша жоқары маман ҳәм талап жоқары болған қәнигелерди таярлаў орайы сыпатында хызмет көрсетпекте.
Академияда жақында биринши академиялық жыл басланды ҳәм бир бағдарлама миймандослық менеджменти бойынша 20 тыңлаўшы сабақ алмақта. 2025-жыл январьдан болса және 200 қәниге таярланады. Екинши академиялық жылдан баслап үш бағдарда 60 тренер ҳәм 1200 қәниге оқытылады.
Оқыў орайын питкериўшилерине БМШ Туризм шөлкемине ағза мәмлекетлер тәрепинен берилетуғын дипломлар бериледи.
Жоқары мәртебели мийман академияда жаратылған шараятлар ҳәм Өзбекстанда заманагөй саяхатшылар инфраструктурасын қурыў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли жумыслар менен танысты.
Соның менен Германия Федеративлик Республикасы Федерал Канцлери Олаф Шольцтиң мәмлекетимизге рәсмий сапары жуўмақланды.
Бул өз-ара исеним ҳәм ҳүрметке тийкарланған, қағаздан әмелий процесслерге өткен Өзбекстан –Германия қатнасықларының жаңа дәўиринде гезектеги әҳмийетли қәдем болғанын айтыўымыз мүмкин.
ӨзА