Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Германия Федераль Канцлери Олаф Шольц 16-сентябрь күни Самарқанд қаласында еки мәмлекеттиң жетекши компания ҳәм банклериниң ўәкиллери менен ушырасыў өткерди.
Илажда Германия Экономика ҳәм климаnты қорғаў министрлиги парламент мәмлекетлик хаткери Михаэл Келлнер, Германия экономикасының Шығыс комитети басқарма директоры Михаэл Хармс, “KNAUF”, “CLAAS”, “Mangold Consulting”, “Gunter Papenburg”, “Siemens Energy”, “Linde Group”, “Aurubis”, “FALK PORSCHE”, “Меtsо”, “Edison technologies”, “Ernst Klett”, “Siemens Healthineers”, “Herrenknecht”, “DB Engineering & Consulting”, “Svevind Energy Group”, “Rhenus”, “HMS Bergbau”, “Textima” сыяқлы жетекши компаниялар ҳәм “KfW Development Bank”, “AKA Bank” банклериниң басшылары ҳәм ўәкиллери қатнасты.
Мәмлекетимиз басшысы ушырасыў қатнасыўшыларын қызғын қутлықлап, илаж тарийхый Самарқанд қаласында өткерилип атырғанының рәмзий мәниге ийе екенин атап өтти.
Кеше болып өткен жоқары дәрежедеги нәтийжели сөйлесиўлердиң жуўмақларына жоқары баҳа берилди. Оларда Жаңа Өзбекстанды раўажландырыўдың экономика тармақларын терең трансформациялаў ҳәм модернизациялаў бойынша тийкарғы баслы бағдарлары қоллап-қуўатланғаны айрықша атап өтилди.
Германияның жетекши компания ҳәм банклери менен Санаат ҳәм технологиялық шериклик бойынша қабыл етилген стратегиялық бағдарлама шеңберинде биргеликтеги инвестициялық жойбарлар ҳәм саўда шәртнамаларын қоллап-қуўатлаў ҳәм жеделлестириў бойынша комплексли илажларды ислеп шығыў ҳаққындағы келисимлерге ерисилгени ушырасыўдың тийкарғы нәтийжеси болғаны атап өтилди.
Өзбекстан ҳәм Германия исбилермен топарларының белсене ҳәм әмелий қатнасыўында өз-ара пайдалы шерикликтиң тийкарғы бағдарлары белгилеп алынды. Бул «жасыл энергетика», химия санааты, «жасыл водород» ислеп шығарыў, машина қурылысы, электротехника, тоқымашылық, фармацевтика санааты ҳәм басқа да тараўларда санаат кооперациясын нәзерде тутады.
Буннан тысқары, оғада әҳмийетли минерал ресурслар кәнлерин өзлестириў ҳәм оларды терең қайта ислеў, кейин ала Германия ҳәм үшинши мәмлекетлер базарларына экспорт етиў ушын жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыўда Германия компанияларының қатнасы перспективалы бағдар сыпатында белгиленди.
Энергетика, транспорт-коммуникация, коммуналлық ҳәм туризм инфраструктурасы объектлерин модернизациялаў, санаат ҳәм хызмет көрсетиўи кәрханаларын меншиклестириў бағдарламасында қатнасыў, сондай-ақ, мәмлекетимизде денсаўлықты сақлаў, билимлендириў ҳәм экология тараўларында социаллық әҳмийетке ийе жойбарларды әмелге асырыў да бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларына киреди.
Ушырасыўда Президентимиз Германия бизнесиниң Өзбекстандағы ири компаниялар менен тығыз бирге ислесиўин жолға қойыў зәрүр екенлигине айрықша итибар қаратты.
Усы мәниде, қурылыс материалларын ислеп шығарыў, металлургия, энергетика, химия, транспорт инфраструктурасы, аўыл хожалығы ҳәм машина қурылысы, медицина ҳәм басқа да тараўларда жаңа басламаларды ислеп шығыў ҳәм биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўды даўам еттириў керек екенлиги атап өтилди.
– Ушырасыўымызды жаңа форматта шөлкемлестирдик. Өзбекстан тәрепинен, тийкарынан, соңғы жыллары исенимли түрде аяққа турып алған ҳәм Германия бизнесиниң мүнәсип шериги болған жеке меншик сектор ўәкиллери қатнаспақта,-деди Шавкат Мирзиёев.
Сөзиниң жуўмағында Өзбекстан Президенти барлық қатнасыўшыларға белгиленген режелерди әмелге асырыўда үлкен табыслар тиледи.
Өз гезегинде, Германия Федераль Канцлери Олаф Шольц мәмлекетимиз бенен көп тәреплемели қатнасықлар избе-из раўажланып атырғанын жоқары баҳалап, ҳәзирги шериклик байланысларын беккемлеў зәрүр екенлигин атап өтти ҳәм Германия исбилермен топарларының ўәкиллерин биргеликтеги жойбарлар ҳәм басламаларды әмелге асырыўда исенимли қатнасыўға шақырды.
ӨзА