Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Германия Федеративлик Республикасы Федерал Канцлери Олаф Шольц 15-сентябрь күни рәсмий сапар менен мәмлекетимизге келди.

Германия – Өзбекстанның Европа Аўқамындағы жетекши экономикалық бирге ислесиўшилеринен бири.

Соңғы жыллары мәмлекетлеримиз арасындағы байланыслар избе-из раўажланбақта. Президент Шавкат Мирзиёевтиң 2019-жыл январь айында Германияға рәсмий сапар менен барыўы ҳәм усы жылдың май айында Германия Федеративлик Республикасы Федерал Президенти Франк-Вальтер Штайнмайердиң Өзбекстанға келиўи еки тәреплеме бирге ислесиўди жаңа басқышта раўажландырыўда әҳмийетли қәдем болды.

Мәмлекетимиз басшысы 2023-жылдың май ҳәм сентябрь айларында еки мәрте рәсмий сапар менен Германияда болып, Федерал Президент Франк-Вальтер Штайнмайер, Канцлер Олаф Шольц ҳәм жетекши немис компаниялары басшылары менен сөйлесиўлер өткерди, сондай-ақ, «Орайлық Азия – Германия» форматындағы биринши саммитинде қатнасты.

Бирге ислесиў байланысларының беккемлениўи нәтийжесинде товар алмасыў көлеми кейинги жыллары әдеўир артты. Германияға хызметлер, тоқымашылық, азық-аўқат ҳәм басқа өнимлер экспорт етилип атырған болса, өз гезегинде, немис үлкесинен механикалық әсбап-үскенелер, транспорт қураллары ҳәм олар ушын аўысық бөлеклер, фармацевтика ҳәм химия өнимлери ҳәм хызметлерин импорт етип атырмыз.

Кейинги жыллары мийнет миграциясы тараўындағы байланыслар Германия менен бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарына айланды. Сондай-ақ, денсаўлықты сақлаў тараўындағы кең көлемли ҳәм өз-ара пайдалы байланыслар да бүгин избе-из раўажланбақта.

Германия канцлери Олаф Шольцтиң мәмлекетимизге сапары кең көлемли бирге ислесиў байланысларының және де раўажланыўына түртки беретуғыны күтилмекте.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Германия Федерал Канцлери Олаф Шольцти Регистан майданында күтип алды.

Мәмлекетимиздиң тийкарғы тымсалларынан бири, ата-бабаларымыздың дөретиўшилик потенциалының көриниси – дүньяға белгили Регистан майданы ЮНЕСКОның Пүткил жер жүзилик мийрасы дизимине киргизилген. Ансамбльге киретуғын Мырза Улығбек, Шердор ҳәм Тиллакори медреселери өзиниң салаўаты, бай тарийхый ҳәм бийтәкирар архитектурасы менен бәршеде терең тәсир қалдырады.

Жоқары мәртебели мийманға Шығыс архитектурасының усы дүрданасы қурылыўына байланыслы тарийхый мағлыўматлар, шешимлер ҳәм безеўлериниң өзине тән тәреплери, сондай-ақ, усы жер менен байланыслы әҳмийетли ўақыялар ҳәм шахслар, өзбек халқының мәдений мийрасы ҳаққында мағлыўмат берилди.

Сәўбет даўамында дүнья цивилизациясының әййемги бесиклеринен бири сыпатында ҳақылы түрде тән алынған Самарқанд қаласы бүгинги күнде исбилерменлик ҳәм саяхатшылық орайына айланып баратырғаны атап өтилди.

Буннан соң, Самарқанд қаласындағы Конгресс орайында Германия Федерал Канцлери Олаф Шольцти рәсмий күтип алыў мәресими болды.

Конгресс орайы алдындағы майданда ҳүрметли қараўыл сап тартты. Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев жоқары мәртебели мийманды минберге мирәт етти.

Әскерий оркестр еки мәмлекет гимнлерин атқарды. Жетекшилер ҳүрметли қараўын қатары алдынан өтип, рәсмий делегациялар ағзаларын қутлықлады.

Соң Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Германия Федерал Канцлери Олаф Шольцтиң тар шеңберде ҳәм делегациялар қатнасыўындағы сөйлесиўлери болып өтти.

Ушырасыў алдынан мәмлекетимиз басшысы Федерал Канцлердиң Өзбекстанға сапары тарийхый әҳмийетке ийе екенин айрықша атап өтти.

– Буны көп тәреплемели Өзбекстан-Германия қатнасықларын және де раўажландырыўға айрықша итибарыңыз ҳәм Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған артқа қайтпайтуғын реформаларды қоллап-қуўатлаўыңыздың белгиси сыпатында қабыл етемиз, – деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиз басшысы мийманларды Германия Федеративлик Республикасы шөлкемлестирилгениниң 75 жыллығы ҳәм жақынласып киятырған Германия бирлиги күни менен қызғын қутлықлады.

Сөйлесиўлер даўамында көп тәреплемели Өзбекстан-Германия қатнасықларын және де кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Өткен жылы Берлинде өткерилген жоқары дәрежедеги ушырасыўлар еки мәмлекет арасындағы әмелий бирге ислесиўди раўажландырыўға исенимли түртки бергени атап өтилди.

Барлық дәрежелердеги байланыслар жеделлести. Өткен жылы товар алмасыў көлеми 1 миллиард евродан артты. Германия бизнеси менен бирге ислесиў кеңеймекте – жыл басынан берли мәмлекетимиз экономикасына Германия компанияларының 800 миллион евролық инвестициялары киргизилди.

Июнь айында Ташкентте Өзбекстан-Германия Исбилерменлер кеңесиниң сегизинши мәжилиси табыслы өткерилди.

“KfW” банки ҳәм Германия халықаралық жәмийетиниң қаржы-техникалық жәрдем жойбарларына жоқары баҳа берилди.

Өткен жылы Берлин қаласындадағы Жаңа музейде Өзбекстан мәдений мийрасы көргизбесиниң өткерилиўи мәдений тараўда әҳмийетли ўақыя болғаны, оған Германия пайтахтының ярым миллионнан аслам халқы ҳәм мийманлары келгени атап өтилди.

Усы жылы жазда Самарқанд қаласында Ибн Сино ҳәм Генрих Шиппергес атындағы Медицина илимлери жоқары мектеби ашылғаны да қанатланыўшылық пенен атап өтилди.

Тәреплер парламентлер, ҳүкиметлер, сыртқы ислер министрликлери арасындағы жедел байанысларды даўам еттириў тәрепдары екенин билдирди.

Сыртқы сиясат уйымларына Өзбекстан-Германия қатнасықлары дәрежесин арттырыў мәселесин көрип шығыў, халықаралық ҳәм регионаллық машқалалар, атап айтқанда, Аўғанстандағы жағдай бойынша турақлы мәсләҳәтлесиўлер өткериў тапсырылды.

Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, ЕҚБШ, Европа Аўқамы институтлары ҳәм басқа көп тәреплемели струтуралар шеңбериндеги жедел бирге ислесиў даўам еттириледи.

Бүгинги саммитке Санаат ҳәм технологиялар бойынша стратегиялық шериклик бағдарламасы таярланғаны атап өтилди. Германияның жетекши компания ҳәм банклери менен улыўма баҳасы дерлик 9 миллиард евро болған бирге ислесиў жойбарлары ислеп шығылмақта.

Олар «жасыл» энергетика, химия санааты, оғада әҳмийетли шийки затты өзлестириў, машина қурылысы, тоқымашылық санааты, қурылыс материалларын ислеп шығыў ҳәм басқа көплеген бағларларды қамтып алады.

“Siemens Energy” компаниясы менен мәмлекетимиз аймақларында пуў-газ электр станцияларын қурыў, “Linde Group” компаниясы менен «менатол атаўы»н қурыў ҳәм «жасыл» аммиак ислеп шығарыў, “KfW Ipex-Bank” қатнасыўында ири мыс кәнин өзлестириў, “Giga Fiber” менен мыс қазып алыў ҳәм кабель өнимлерин ислеп шығарыў, “AMK Global” менен углерод талшығы, “Guesscon” менен қара қурым ҳәм водород ислеп шығарыў ҳәм басқа көплеген жойбарлар ең әҳмийетли жойбарлар сыпатында атап өтилди.

Насос системаларын локализациялаў, қайта тиклениўши энергетика, медициналық буйымлар ислеп шығарыў, логистика орайларын шөлкемлестириў бойынша бир қатар жаңа жойбарлар бар.

Усы жойбарларды тезлестириў ҳәм қоллап-қуўатлаў, инвестицияларды хошаметлеўдиң нәтийжели қуралларын енгизиўге келисилди.

Сапар даўамында оғада әҳмийетли шийки зат ресурслары ҳәм климат өзгериўи тараўындағы бирге ислесиў бойынша қол қойылатуғын келисимлердиң әҳмийети атап өтилди.

Өзбекстан Германия ҳүкиметиниң басламасы менен шөлкемлестирилген Климат клубында қатнасыўдан мәпдар екени атап өтилди.

Транспорт ҳәм логистика, нәтийжели қурғақлық ҳәм ҳаўа жолларын раўажландырыў, транспорт қәрежетлерин азайтыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Өзбекстан басшысы “Lufthansa” авиакомпаниясының мәмлекетимизде тиккелей пәрўазларды қайта жолға қойыў мәселесин көрип шығыўды усыныс етти.

Өзбекстан ҳәм Германия аймақлары арасындағы шериклик қатнасықларын кеңейтиў әҳмийетли екени атап өтилди. Жыл басынан берли Германияның еки федерал үлкеси ўәкиллери мәмлекетимизге келди. Жыл ақырына шекем Берлин, Бавария ҳәм Тюрингия делегацияларының сапары күтилмекте.

Сапар даўамында мийнет миграциясы тараўында ашық-айдын ҳәм системалы бирге ислесиўди жолға қойыўға қаратылган келисимге қол қойылғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Жуўапкер уйымлар дәрежесинде талап жоқары болған өзбекстанлы қәнигелерди таярлаў ҳәм Германияға жибериў бойынша әмелий бирге ислесиў «жол картасы»н ислеп шығыў усыныс етилди.

Германияның дуал билимлендириў системасын Өзбекстан аймақларында кеңнен енгизиўге қызығыўшылық билдирилди. Жетекши университетлер арасында билимлендириў ҳәм илимий байланысларды раўажландырыў ушын еки мәмлекет жоқары билимлендириў орынлары форумын шөлкемлестириў басламасы алға қойылды.

Өзбекстан тәрепи биргеликтеги бағдарламаларды әмелге асырыў, Германия жоқары билимлендириў мәкемелериниң факультетлери ҳәм филиалларын ашыў ушын барлық шараятларды жаратыўға таяр екенин билдирди.

Сапар шеңберинде Басқарыў кадрларын таярлаўшы биргеликтеги мектеби иске қосылатуғыны атап өтилди.

Өзбекстан Президенти жасларымыздың немис тилине қызығыўшылығы жоқары екенин, бул тилди 330 мыңға шамалас жигит-қыз үйренип атырғанын атап өтти. Жақында әндижанлы мектеп оқыўшысы Райёна Иброҳимова немис тили бойынша Жәҳән олимпиадасында жеңимпаз болғаны буған айқын мысал болып табылады.

Германия тәрепи мәмлекетимиз аймақларында тил үйрениў ҳәм оқытыўшылар таярлаў бағдарламаларын кеңейтиўге жәрдемлесиўге таяр екенин билдирди.

Мәдений бирге ислесиў бойынша аралас комиссияның жумысын қайта тиклеў усыныс етилди.

Ушырасыўда қабыл етилген қарарлар ҳәм қол қойылған келисимлерди әмелге асырыў бойынша биргеликтеги «жол картасы»н таярлаў ҳәм қабыл етиўге келисип алынды.

Нәтийжели сөйлесиўлердиң жуўмағында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Германия Федеративлик Республикасы Федерал Канцлери Олаф Шольц Биргеликтеги декларацияны қабыллады.

Улыўма, рәсмий сапар шеңберинде 8 еки тәреплеме ҳүжжетке қол қойылды, соның ишинде:

– Миграция ҳәм мобильлик тараўында ҳәр тәреплеме шериклик ҳаққында ҳүкиметлераралық келисим;

– Ветеринария ҳәм шарўашылық тараўында бирге ислесиў ҳаққында ҳүкиметлераралық декларация;

– “Жасыл Орайлық Азия” басламасы шенберинде суў ресурсларынан турақлы пайдаланыў тараўында бирге ислесиў ҳаққында ҳүкиметлераралық декларация;

– Оғада әҳмийетли минераллар тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында декларация;

– Транспорт тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында келисим;

– Париж келисими шеңберинде климат өзгериўи тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында меморандум.

Буннан тысқары, 2024-2026-жылларға мөлшерленген Технологиялық шериклик ҳәм санаат кооперациясы бағдарламасы қабылланды, сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм Германияның жетекши кәрханалары дәрежесинде бир қатар келисим ҳәм шәртнамалар дүзилди.

Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстанға сапары даўамында Канцлер Олаф Шольцқа бирге ислесип атырған ҳәм 16-сентябрь күни Самарқандта болып өтетуғын Германия исбилерменлер шеңберлери менен ушырасыўда қатнасатуғын усы мәмлекеттиң жетекши инвестиция, санаат ҳәм саўда компаниялары ўәкиллерин қутлықлады.

Германия Федеративлик Республикасы Федерал Канцлери Олаф Шольцтиң мәмлекетимизге рәсмий сапары даўам етпекте.

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Ғолиб ҲАСАНОВ,

ӨзАның арнаўлы хабаршылары