Ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан Республикасы ҳəкимшилик судлары судьяларының Мəжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы қалалық ҳәм районлық бɵлимлери мəмлекетлик орынлаўшылары менен ушырасыўлары ɵткермекте.
Илажды өткериўден тийкарғы мақсет, суд ҳүжжетлерин орынлаў барысында жүзеге келип атырған машқалалар ҳəм оларды сапластырыў бойынша усы жыл 24-июнь күни ɵткерилген қоспа мәжилис протоколына, Қарақалпақстан Республикасы ҳəкимшилик судының баслығы менен Мəжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы тəрепинен тастыйықланған Режениң орынланыўын тәмийинлеў болып табылады.
Ушырасыўда мəмлекетимизде суд ҳəм басқа уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаў системасы жылдан-жылға раўажланып атырғанлығы, Жоқарғы суд ҳəм Мəжбүрий орынлаў бюросы ўəкилликлери шеңберинде бирге ислесиў жолға қойылып, суд қарарлары орынланыўы тəмийинленип, пуқара ҳəм шɵлкемлердиң ҳуқықлары менен нызамлы мəплерин исенимли қорғаў бойынша кең кɵлемли илажлар системалы түрде əмелге асырылып атырылғанлығы сөз етилди.
Сондай-ақ, суд ҳүжжетлериниң ɵз мүддетинде ҳəм толық орынланыўына ерисиў мақсетинде, усы тараўда еле əмелге асырылыўы тийис болған бир қатар ислер, унамлы шешимин күтип турған машқалалар да бар екенлиги айрықша атап ɵтилди.
Ɵткерилген ушырасыўларда алдағы ўақытта ҳəр бир суд қарары орынланыўының сɵзсиз тəмийинлениўи, бул арқалы пуқаралар ҳəм юридикалық тәреплердиң артықша әўерегершилигиниң алдын алыўы тийис екенлиги атап ɵтилди.
А.НУРЛИПЕСОВ,
Қарақалпақстан Республикасы
ҳəкимшилик судының баслығы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги