Сыртқы ислер министрлиги баспасөз хызметиниң мәлимлемесине бола, 2024-жыл 12-сентябрь күни Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов Түркия сыртқы ислер министри Ҳакан Фидан менен Ташкент қаласында ушырасыў өткерди.
Сөйлесиўде Өзбекстан да, Түркия да өз халықлары ушын ең жақсы шараятларды жаратыўға қаратылған оғада әҳмийетли реформаларды әмелге асырып атырғанын айрықша атап өтти. Министрлер мәмлекетлеримиздиң өз-ара кең көлемли стратегиялық бирге ислесиўи сөзсиз барлық тараўларда күшли өсиў тенденцияларын көрсетип атырғанына айрықша итибар қаратты.
Ушырасыўда еки тәреплеме қатнасықларды және де байытыў жолларының әмелий жақлары додаланды. Экономикалық бирге ислесиў, саўда айланысын арттырыў, халық дипломатиясы, академиялық алмасыўлар, халықаралық бирге ислесиў ҳәм басқа көплеген темалар ушырасыў күн тәртибинен орын алды. Сыртқы сиясат уйымлары еки мәмлекет арасындағы беккем келисимлер пакетин әмелге асырыў жолында локомотив болып хызмет ететуғыны атап өтилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги