Соңғы ўақытлары суў хожалығы тараўында суўлардың жөнсиз ысырап болыўының алдын алыў ҳәм бул машқаланы сапластырыў бойынша бир қатар усыллар әмелде қолланылып келинбекте. Солардың қатарында каналларды бетонлаў бойынша жумыслар алып барылып, бул бағдардағы жумыслар орынларда унамлы нәтийжелер менен көзге тасланбақта.

Нөкис районы «Дийқан арна» мәкан пуқаралар жыйынында “Суў ысырапкершилигин азайтыўда  заманагөй, инновациялық усыллардан пайдаланыў” атамасында көргизбели семинар ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлериниң  қатнасыўында баспасөз конференциясы болып өтти.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы суў хожалығы министри Б.Жүзбаев, Нөкис район ҳәкиминиң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары И.Өтепов, “TERATEX” компаниясы ўәкили А.Кочуров ҳәм суў хожалығы министрлиги қәнигелери қатнасты.

Семинарда каналларды бетонлаў, жумсалып атырған қәрежетлерди азайтыў мақсетинде сырт  ел ҳәм жергиликли ислеп шығарыўшылар менен сөйлесиўлер алып барылып, бир неше өндирис кәрханалары ўәкиллериниң презентациялары менен танысылды.


 

Илаж даўамында ғалаба хабар қураллары ўәкиллери тәрепинен «Дийқан арна» каналының бетонланған ҳәм геомембрана төселген бөлимлерине пресс-тур шөлкемлестирилди.

      Қарақалпақстан хабар агентлиги