Президент Шавкат Мирзиёев 10-сентябрь күни Ташкент қаласының Жаңа Өзбекстан көшеси ҳәм Олимпиада қалашасындағы қурылыс ҳәм абаданластырыў жойбарлары менен танысты.

Узынлығы 11 километр, ени 86 метр болған бул көше соңғы жыллары ең үлкен жоллардан бирине айланды. Қаланың кеңейиўи ҳәм Ташкент ўәлаятының туризм потенциалынан келип шығылса, оның келешеги де перспективалы.

Соның ушын мәмлекетимиз басшысының 2022-жыл 30-июньдеги қарарына тийкарланып, Жаңа Өзбекстан көшесинде исбилерменлик орайының қурылысы ҳәм жолы бойының инфраструктурасы раўажландырылатуғыны белгиленген еди. Оған муўапық, дирекция дүзилип, архитектуралық концепция ислеп шығылды.

Жойбарға бола, көшениң еки тәрепинде миллий руўхқа үнлес заманагөй турақ жайлар, мийманхана, саўда ҳәм хызмет көрсетиў комплекслери қурылады. Сейил етиў ҳәм кеўил ашар орынлары, пияда ҳәм велосипед жоллары шөлкемлестириледи.

Бизге белгили, бул жерде «Ташкент-Шығыс» аэропорты ҳәм Олимпиада қалашасы да қурылмақта. Президентимиз усы имаратлар әтирапын ҳәм оларға алып барыўшы жол бойын көклемзарластырыў бойынша көрсетпе берген еди.

Бул ретки сапар ўақтында усы бағдардағы ландшафт дизайнының усыныслары көрип шығылды. Оған бола, Жаңа Өзбекстан көшесиниң еки тәрепи және де абат етиледи. Шынар, емен, лала тереги, каталпа, писардия, кипарис, ҳинд сирени, лаванда, Сирия әтиргүли сыяқлы терек ҳәм путалар декоратив түрде егиледи. Аэропорт алдында еки фонтан қурылады. Улыўма, бул аймақ Ташкенттиң «жасыл белбеўи»ниң бир бөлеги болады.

Мәмлекетимиз басшысы ландшафт композициясы бойынша өз усынысларын билдирди. Бул жерде экология, сапа ҳәм мәденият үнлесиўи керек екенлигин атап өтти.

Буннан соң Президент Шавкат Мирзиёев Олимпиада қалашасының қурылысын барып көрди.

Бул үлкен комплекс келеси жылы елимизде болып өтетуғын жаслар арасында Азия ҳәм Паразия ойынлары ушын қурылмақта.

Жарыслар Халықаралық Олимпиада комитети тәрепинен тән алынған 29 спорт түри бойынша өткериледи. Оларда континентимиздиң 45 мәмлекетинен 3 мыңнан аслам спортшы қатнасыўы күтилмекте.

100 гектар майданға жайылған Олимпиада қалашасында булардың барлығы ушын шараят болады. Ҳәзирги күнде тийкарғы имаратларда жедел қурылыс кетпекте.

Атап айтқанда, 12 мың орынлық олимпиада стадионы, ҳәр бири 2 мыңнан тамашагөйге мөлшерленген велодром, суў спорты сарайы, жеке гүресиўшилер ҳәм командалық ойынлар комплекслери бой тиклеп қалған.

Мәмлекетимиз басшысы бул имаратларда болып, қурылыстың барысын көзден өткерди. Жуўапкерлер ашылыў мәресими ҳәм жарыслар ўақтында болажақ шараятлар бойынша мәлимлеме берди.

Шавкат Мирзиёев қолайлық ҳәм қәўипсизлик мәселелерине айрықша итибар қаратты. Бул процесслерди жоқары дәрежеде санластырыў, жасалма интеллект қуралларынан кеңнен пайдаланыў зәрүр екенлигин атап өтти.

Олимпиада қалашасында, сондай-ақ, футбол, волейбол, теннис, көк шөп үстинде хоккей, жеңил атлетика сыяқлылар бойынша 15 ашық майдан болады. Музей ҳәм офислерди өз ишине алған ҳәкимшилик имарат, бағлар, жасалма көл қурылады.

Президентимиз комплекс қурыўшысы – Қытайдың «CAMC Engineering» компаниясының жуўапкери менен де сәўбетлести.

Азия ойынларынан кейин Олимпиада қаласынан нәтийжели пайдаланылады. Президентимиздиң атап өткениндей, бул орын мәмлекетимиз спортының илимий, әмелий, оқыў-шынығыў орайы болады. Спорт министрлиги, Антидопинг агентлиги, Мәмлекетлик спорт академиясы, Денетәрбия ҳәм спорт илимий изертлеўлер институты, Спорт түрлерин раўажландырыў орайы усы жерде жайласады. Профессионал спортшыларды таярлаў ҳәм шеберлигин арттырыў бойынша шынығыўлар өткериледи. Аймақлық спорт шөлкемлериниң қалаша инфраструктурасынан пайдаланыўы жолға қойылады.

Бул жерде «ақыллы қала» концепциясына тийкарланған заманагөй басқарыў системасы енгизиледи. Улыўма, қалаша спорт ҳәм саламатландырыў орайы сыпатында узақ жыллар халқымызға хызмет етеди.

ӨзА