Ташкент қаласында 9-сентябрь күни Өзбекстан Республикасы ҳәм Россия Федерациясы ҳүкимет басшылары дәрежесиндеги биргеликтеги комиссияның бесинши мәжилиси болып өтти.
Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов ҳәм Россия Федерациясы Ҳүкиметиниң баслығы Михаил Мишустин басшылығында өткен мәжилисте еки мәмлекет арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм өз-ара бирге ислесиў қатнасықларының ҳәзирги жағдайы, перспективалары додаланды.
Мәжилисте еки Мәмлекет басшыларының узақты гөзлеген сиясий ерк-ықрары себепли еллеримиз арасындағы қатнасықлар пүткиллей жаңа басқышқа көтерилип баратырғаны атап өтилди.
Усы жылдың май айында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола, Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин мәмлекетлик сапар менен елимизде болды. Сапар шеңберинде бир қатар биргеликтеги илажлар болып өтти. Атап айтқанда, Президентлер басшылығында еки мәмлекет аймақлары кеңесиниң биринши мәжилиси болды. Онда Россияның 26 ўәлаятынан ўәкиллик делегациясы қатнасты. Аймақлар аралық қарым-қатнасты және де беккемлеў ҳәм оны жаңа әмелий мазмун менен байытыў бойынша тийкарғы бағдарлар белгилеп алынды.
Ҳақыйқатында да, усы жылдың өткен дәўиринде сиясий, саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық бағдарларда көплеген илажлар өткерилди. Ҳүкиметлер дәрежесиндеги байланыслар жедел даўам етпекте.
Кейинги жети жылда Өзбекстан ҳәм Россия арасындағы товар алмасыў көлеми 2,5 есеге көбейди. Усы жылдың жети айында болса товар алмасыў көлеми және 30 процентке артқан.
Мәжилисте Мәмлекетлеримиз басшылары тәрепинен ҳүкиметлерге өз-ара товар алмасыў көлемин жақын жылларда 30 миллиард долларға шекем жеткериў ўазыйпасы қойылғаны, оған ерисиў ушын бирге ислесиў жойбарларын избе-из әмелге асырыў ҳәм импорттың орнын басыў бойынша анық биргеликтеги илажларды әмелге асырыў зәрүр екенлиги айрықша атап өтилди.
Ҳәзирги күнде Өзбекстанда Россия менен биргеликте үш мыңнан артық қоспа кәрхана жумыс алып бармақта. Өз гезегинде Россияда да өзбек капиталы қатнасыўында көплеген исбилерменлик субъектлери ислемекте.
Металлургия, энергетика, химия, аўыл хожалығы, тоқымашылық, санластырыў, жасалма интеллект ҳәм басқа бағдарларда кооперациялық жойбарлар жолға қойылған.
Транспорт-транзит бағдары өз-ара бирге ислесиўдиң және бир әҳмийетли тармақларынан бири болып есапланады. Мәмлекетлеримиз арасындағы тиккелей пәрўазлар саны ҳәптесине дерлик 300 ге жетти. Темир жолда жолаўшы тасыў болса толық түрде тикленди.
Сондай-ақ, мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилди. Мәденият, көркем өнер, туризм, илим, спорт бағдарларында байланыс жеделлести. Жетекши жоқары оқыў орынлары ҳәм медицина мәкемелери арасында турақлы ҳәм нәтийжели бирге ислесиў жолға қойылған. Россия жетекши жоқары оқыў орынларының 14 филиалы елимизде табыслы жумыс алып бармақта.
Мәжилисте перспективалы инвестициялық жойбарлар ҳәм саўда шәртнамаларының әмелге асырылыўын тәмийинлеў ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди тереңлестириў режелери көрилди.
Сондай-ақ, ерисилген келисимлерди избе-из әмелге асырыў бойынша анық илажлар додаланып, өз-ара бирге ислесиўдиң келешектеги бағдарлары келисип алынды.
Ушырасыў жуўмақлары бойынша биргеликте коммюнике қабыл етилди ҳәм бир қатар ҳүкиметлер аралық ҳәм уйымлар аралық ҳүжжетлерге қол қойылады.
ӨзА