Мәмлекет майыплығы болған шахслар ушын басқалар менен теңдей түрде әдил судлаўдан пайдаланыў имканиятын тәмийинлейди, соның менен бирге, суд процесиниң барлық басқышларында, сондай-ақ, тергеў ҳәм дәслепки тергеў басқышларында майыплығы болған шахслардың нызамда белгиленген тәртипте тиккелей ҳәм жанапай қатнасыўын тәмийинлеўге қаратылған илажларды көреди, деп мәлимлеме береди хабар.уз
Бул бағдарда тийисли нызам менен «Майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары ҳаққында»ғы нызамға қосымша ҳәм өзгерислер киргизилди.
Ҳүжжетке муўапық, майыплығы болған шахслардың мәмлекеттиң жәмийетлик-сиясий турмысында тиккелей яки өз ўәкиллери арқалы қатнасыўы, соның менен бир қатарда, нызамда белгиленген тәртипте сайлаў ҳәм сайланыў, референдумларда қатнасыў ҳуқықы тәмийинленеди.
Мәмлекетлик сайлаў участкаларында (референдум участкаларында) майыплығы болған шахслардың барлық категориялары, соның менен бирге, еситиў, көриў бойынша майыплығы болған, орынлықлы арбашалардан пайдаланатуғын шахслар даўыс бериў ушын зәрүр шараятлар жаратылыўын тәмийинлейди.
Алдын бундай нормалар жоқ еди.
Буннан тысқары, Нызам майыплығы болған шахслар менен байланысыў ушын қолайлы сөйлесиў түрлерин, сондай-ақ, социаллық инфраструктура объектлерин майыплығы болған шахслардың оларға тосқынлықсыз кириўи ушын бейимлестириў тийкарларын белгилейтуғын нормалар менен толықтырылмақта.
Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги