Жақында Экономика ҳәм қаржы министрлиги басшылары ҳәм Түркияның Энергетика ҳәм тәбийғый ресурслар министриниң орынбасары, «MTA International Mining Inc.» (MTAIC) компаниясы басқарыў кеңесиниң баслығы Берат Чўнкар басшылығындағы делегация арасында ушырасыў өткерилди.
Онда еки тәреп ўәкиллери Өзбекстан ҳәм Түркия арасында таў-кән санааты ҳәм тәбийғый ресурслар бағдарындағы бирге ислесиў раўажланып баратырғанын атап өтти.
Буннан соң түрк тәрепи бул бағдардағы тәжирийбе ҳәм сырт мәмлекетлердеги жумысына тоқтап өтти. Оған бола, MTAIC сырт елдеги кән казыў потенциалына ийе болған аймақларда минераллар, баҳалы металлар бойынша геологиялық (жер асты), геофизикалық ҳәм геохимиялық изертлеўлер өткереди. Экономикалық жақтан пайдаланыўға жарамлы болған кәнлерде объектлер шөлкемлестириў арқалы шийки зат ислеп шығарыўды әмелге асырады.
Сондай-ақ, сөйлесиў барысында MTAIC компаниясы тәрепинен Өзбекстанда шөлкемлестирилген «MTA Tashkent Mining Company» кәрханасының жумысын кеңейтиў перспективаларына да итибар қаратылды. Атап өтилиўинше, бул кәрхана Өзбекстанда пайдалы қазылмаларды изертлеў ҳәм излеў жумысын әмелге асырады. Ол 2019-жылы өз жумысын баслаған.
Министрликтиң мәлимлеме хызметине бола, ушырасыў жуўмағында бул сырт ел компаниясы таў-кән санааты тараўында жаңа жойбарларды әмелге асырыў бойынша усыныслар берди. Министрлик басшылары тәрепинен бирге ислесиўдиң барлық түрлери қоллап-қуўатланатуғынын атап өтип, берилген жойбарлар бойынша бирге ислесиўдиң анық режелери белгилеп алынды.
Н.Зиёдуллаева, ӨзА