Мәжилисте тармақ басшылары ҳәм ҳәкимлерге ири кәрханалар менен шекленбестен, тараўдағы барлық исбилермен менен ислесиўди үйрениўи керек екенлиги көрсетип өтилди.

Соның ушын «Өзэлтехсанаат» ассоциациясының жумысын пүткиллей өзгертиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Атап айтқанда, ишки ҳәм сыртқы базарларда талап жоқары болған товарларды анықлаў, олар бойынша жойбар ислеп, исбилерменлерге бериў; тараўдағы стандартларды халықаралық талапларға сәйкеслеп, исбилерменлерге енгизиў ҳәм сертификат алыўда жәрдемлесиў ассоциацияның тийкарғы ўазыйпалары болыўы зәрүр.

Сондай-ақ, инженер-технолог ҳәм орта буўын кадрларды таярлаў бойынша жоқары оқыў орны ҳәм техникумларға буйыртпа бериў, олардың бағдарламаларын биргеликте ислеп шығыў; жергиликли кәрханалардағы перспективалы қәнигелерди сырт елдиң алдыңғы компанияларына стажировкаға жибериў ассоциация жумысының тийкарғы  бағдарлары болыўы керек.

Мәмлекетимиз басшысы «Өзэлтехсанаат» ассоциациясының оған жаңа ағза болғанлардан 2 жыл, айланысы 10 миллиард сумнан аз кәрханалардан болса улыўма төлем алмаў, олардың өнимлерин «Элтех Лаб» лабораториясында бийпул сынақтан өткериў бойынша усынысларды қоллап-қуўатлады.

Электротехника жойбарлары ушын сырт елден 200 миллион доллар ресурс тартыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Улыўма, быйыл 85 жойбар шеңберинде сим карта, төлем картасы, кең түрдеги турмыслық техника, трансформатор, телевизор, қуяш панели ҳәм жақтыландырыў үскенелери, электр скутерлер ушын аккумулятор, литий батареясы, лазер менен кескиш үскенелерин ислеп шығарыўды баслаў ўазыйпасы қойылды.

ӨзА