4-5-сентябрь күнлери пайтахтымызда ШБШның Регионаллық контртеррор структурасы (РАТС) Оныншы халықаралық илимий-әмелий конференциясы ҳәм ҒМДАның терроризм ҳәм экстремизмге қарсы гүресиў бойынша екинши конференциясы болып өтпекте.

Конференцияның жалпы мәжилисинде Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети баслығы, генерал-лейтенант Абдусалом Азизов қутлықлаў сөзи менен шығып сөйлеп, ШБШ ҳәм ҒМДА мәканында болып атырған қурамалы ҳәм қарама-қарсы әскерий-сиясий процесслер мәмлекетлеримизден халықаралық терроризм, экстремизм ҳәм радикализмге қарсы гүресте ҳәрекетлеримиз ҳәм муўапықластырылған илажларды бирлестириўди талап етеди, деп атап өтти.

– Бул жағдай ШБШға ағза мәмлекетлер қәўипсизлигине тиккелей қәўип салады. Жағдай халықаралық терроршылық шөлкемлери баслықларының мәмлекетлеримизге қарсы өзлериниң бузғыншы режелеринен ўаз кешпегени менен және де қурамаласпақта.

Аўғанстан ҳүкимети өз имканиятлары ҳәм ресурсларынан келип шығып, халықаралық терроризмге қарсы гүреспекте, аўған арнаўлы хызмети ИДХВға  қарсы гүресте жетекшилик етип, белгили нәтийжелерге ериспекте. Соның ушын, душпанға қарсы биргеликте гүресиўимиз керек.

«Хуросан ўәлаяты»на қарсы гүресте Аўғанстанға жәрдем көрсетилиўи зәрүр, себеби қарсы илажларды азайтыў бул топардың күшейиўине себеп болады, бул болса өз гезегинде, регион қәўипсизлигине қәўип салады.

Өз-ара исеним, халықаралық терроризм, экстремизм ҳәм кибер қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў тараўында турақлы мәлимлеме ҳәм тәжирийбе алмасыўға тийкарланған избе-из ҳәм муўапықласқан жумыста бирге ҳәрекет етиў жәрдеминде ғана мәмлекетлеримизде турақлылық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеўде пайдалы нәтийжелерге ерисиў мүмкин екенлигине исенемен.

Соның ушын, ҳәзирги күнде халықаралық әнжуманды өткериў әҳмийетли болып, оның шеңберинде қатнасыўшылар шақырықлар ҳәм қәўипсизлик қәўип-қәтерлериниң бүгинги жағдайын додалаў, нәтийжели қарсы гүрес илажларын ислеп шығыў, халықаралық ҳәм регионаллық дәрежеде контртеррор бирге ислесиўин беккемлеў имканиятына ийе болады,-деди А.Азизов.

ӨзА