Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев 1-сентябрь күни Париждеги Паралимпиада ойынларында жеңиске ерисип, сайланды командамыз есабындағы алтын медальлардың санын бесеўге жеткерген жеңил атлетикашыларымыз Элбек Султонов, Ёрқинбек Одилов ҳәм таэквондошымыз Асадбек Тоштемиров пенен телефон арқалы сөйлести.
Президентимиз өзиниң атынан ҳәм барлық ўатанласларымыз атынан спортшыларды қызғын қутлықлап, бул жеңислер ең уллы, ең әзиз байрам – Ғәрезсизлик күнине мүнәсип саўға болғанын атап өтти. Паралимпиадашыларымыз маўасасыз беллесиўлерде көрсетип атырған жоқары қәбилет ҳәм беккем сабыр пүткил халқымыз, әсиресе, жасларды руўхландырып атырғанын атап өтти.
Журтбасшымыз жигитлердиң тренерлери ҳәм ата-анасына миннетдаршылық билдирип, кеше сыйлы орын ийеси болған спортшыларымызға да сәлем ҳәм қутлықлаў сөзлерин жоллады.
Чемпионлар ҳәр бир шығыўында мәмлекетимиз басшысы ҳәм халқымыздың қоллаўын сездиргенин атап өтип, елимизде паралимпиада ҳәрекетиниң раўажланыўына қаратылып атырған итибар ҳәм жаратылған шараятлар ушын рахмет айтты.
ӨзА