31-август – Репрессия қурбанларын еске алыў күни. Усы мүнәсибет пенен Шейитлер естелиги қыябанына мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлериниң ўәкиллери, нуранийлер, зыялылар жыйналды.

Мәресимде ПрезидентШавкат Мирзиёев қатнасты.

Ата-бабаларымыздың атына Қуран оқылды. Елге  ас тартылды.

Бул мәресимниң  Ғәрезсизлик байрамы менен тең өтиўи, миллет айдынлары еске  алыныўынан кеўил көтериледи. Бул Ўатанға пидайылық жыллар өтсе де қәдирлениўи, ҳеш бир жақсы жумыс изсиз кетпейтуғынын аңлатады.

Қыябандағы рәмзий қәбир жанында да Қуран оқылды. Тарийхый ҳақыйқатты тиклеў, жасларды усы руўхта тәрбиялаў ҳаққында сөз болды.

– Ғәрезсизлик байрамы қарсаңында, бүгинги тынышлық, еркинлик шараятында қаҳарман ата-бабаларымздың пәк исимлерин еслеў, теберик естеликлерине ҳүрмет көрсетиў биз ушын ҳәм қарыз, ҳәм парыз, – деди Шавкат Мирзиёев. – Сонлықтан  дүньядан өткен ўатанласлырымыздың да  қәдирин тиклеп атырмыз. «Инсан – әзиз, еслеў- муққадес» деген жақсы сүрен турмысымыздан беккем орын алмақта. Теберик естелик комплекслерин қурып атырмыз. Ағартыўшылықты сүйиўши ата-бабаларымыз ҳаққында көркем ҳәм илимий шығармалар, кинофильмлер дөретилмекте. «Естелик» китаплары таярланбақта. Халықаралық  конференциялар өткерилмекте. Мине, соңғы үш жылда 1 мың 200 ден аслам сиясий репрессия қурбанларының атын ақладық. Бул нени аңлатады? Бул – әдиллик сынбайтуғынын, хақыйқат бәрибир жүзеге шығатуғынын аңлатады.

Өткен жылғы мәресимде мәмлекетимиз басшысы орынлардағы репрессия қурбанларын анықлаў, бул бағдарда изертлеўлерди кеңейтиў бойынша көрсетпелер берген еди.

Усы тийкарда быйылғы жылдың 19-июль күни «Сиясий репрессия қурбаны болған ўатанласларымыздың өмири ҳәм жумысын үйрениў, үгит-нәсиятлаў және олардың естелигин  мәңгилестириў бағдарындағы жумысларды кеңейтиў ҳаққында»ғы Президенттиң қарары қабыл етилди. Оған муўапық, бул жумысларды муўапықластырыў бойынша  республикалық комиссия дүзилип, Қорғаныў министрлиги басшылығында бир қатар жуўапкер шөлкемлер бириктирилди.

Мәмлекетимиз  басшысы усы қарардың мәниси ҳәм мақсети ҳаққында айтты:

– Усы ўақытқа шекем репрессия қурбанларының толық дизими қәлиплеспеген еди. Бул дизимдеги ҳәр бир сан артында инсан тәғдири бар.Шейит кеткен репрессия етилген ҳәр бир ўатналасымыздың өмири – қаҳарманлық. Сонлықтан биз қарарда репрессия қурбанларын анықлаў, олардың ибратлы өмирин үйрениў ҳәм изертлеў мәселесине айрықша итибар қараттық. Тарийхый ҳақыйқатты тиклеў мақсетинде олардың теберик атамаларын  көп томлық «Репрессия қурбанлары» китабына ҳәм мине, усы комплексте қурылатуғын символикалық китап бетлерине  жазып қоямыз. Тилекке қарсы, сырт  мәмлекетлерде, ҳәттеки өзимиздеги архивлерде бул мәселеге байланыслы барлық мағлыўматларды да толық үйренген жоқпыз. Сол себепли, бул бағдардағы илимий экспедицияларды шөлкемлестириў белгиленди. Енди ҳәр жылы октябрь айының биринши ҳәптесин мәмлекетимизде Сиясий репрессия қурбанларын еске алыў ҳәптелиги сыпатында белгилеймиз.

Не ушын бул ўақыт таңланды? Себеби 1938-жыл 4-16-октябрь күнлери 507  өзбекстанлы сиясий тутқынның үстинен ҳүким оқылған. Ең жетекши шахслар өлтирилген. Олардың арасында Фитрат, Шолпан, Абдулла Қәдирий, Қудайберген Девонов сыяқлы жетик зыялыларымыз, германияда оқып келген алдынғы қәнигелер, белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер болған. Ең ашынарлы тәрепи – олар 4-октябрьде өлтирилген, ҳүким 5-октябрьде шығарылған.

– Бул сәне  халқымыз тарийхындағы ең қайғылы  күнлерден бири болып есапланады. Соның ушын бул ҳәптеликти үлкен таярлық пенен, биргеликте өткериўимиз керек, – деп атап өтти Президент.

Қарарға бола, усы ҳәптелик даўамында халық арасында ушырасыўлар, түрли көргизбе ҳәм таңлаўлар, усы темадағы кино көрсетиўлери өткериледи. Ўәлаят, район ҳәм қалалардың ҳәкимлери, министрлик ҳәм уйымлар, басқа жуўапкер шахслар репрессия қурбаланлары жасап өткен жайларға кирип, олардың әўладларынан хабар алады.

Пидайы ата-бабаларымыз туўылып өскен, жасаған жайларға ескерткиш белгилери орнатылады. Олар жасаған мәҳәллелер ҳәм мектеплерде Естелик мүйешлери шөлкемлестириледи.

Солай етип, адамлар репрессияға ушыраған мәҳәллелеслери  ҳаққындағы мағлыўматлар менен  танысады.Ғәрезсизлик қандай аўыр жоғалыўлар есабынан қолға киргизилген уллы жемис екенин аңлап жетеди. Халқымыз қандай қыйын күнлерди  бастан өткергенин түсинеди. Пидайы ата-бабаларымыз ең аўыр ўақытларда да ҳүжданын, миллий өзлигин сақлап қалғанын жүректен сезеди.

Сөйлесиўде  Бас министрге  усы жумысларды шөлкемлестириў ҳәм орынланыўын қадағалаўға алыў бойынша көрсетпелер берилди.

Бизге белгили,  соңғы жылларда Ташкенттеги «Репрессия қурбанларының естелиги» музейи реконструкцияланыўы менен бирге, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм барлық ўәлаятларда да усындай музейлер шөлкемлестирилди. Әсиресе, Әндижан, Бухара, Қаршы, Фергана ўәлаятларындағы музейлер итибарға ылайық.

Президент бундай қалыс жумысларды даўам еттириў, жадидлердиң өмирине байланыслы сийрек ушырасатуғын ҳүжжет ҳәм экспонатлар менен жәмийетшиликти кеңнен таныстырыў  керек екенлигин атап өтти.

-Дурыс, кейинги ўақытларда бул бағдардағы жумысларымыз жаңа басқышқа көтерилди. Көплеген белгисиз исимлер анықланды. Китаплар, кинолар шығарылды. Бирақ булда аз. Бул бағдарда да мәҳәлле кесиминде үлес қосыўы мақсетке муўапық. Бул қәдириятларға, улыўма миллий ҳәрекетке айланыўы керек, – деди мәмлекет басшысы.

Изертлеўшилерди материаллық хошаметлеў, архив мағлыўматларын ашық етиў, тарийхты жасларға дурыс жеткериў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

– Биз не ушын Имам Бухарий музейин шөлкемлестирмектемиз? Не ушын тарийхый кинолар ислетип атырмыз? Себеби ең үлкен мектеп, ең үлкен тәрбия – тарийхтың өзи. Жасларымыз тарийхымызды жақсы билиўи, басқалардан емес, өзимиздиң  ата-бабаларымыздан үлги алыўы керек. Оның  тийкарын толық етип, жасларға мүнәсип тилде, қызықлы тәризде, социаллық тармақлар арқалы жеткериў, жәмийетке сиңдириў зәрүр. Жас әўладты усы руўхта тәрбияласақ, өзимиз таңлаған жолымыздан исенимлибара аламыз, – деди мәмлекетимиз басшысы.

 

Дүньяда қәўип-қәтерлер күшейип, миллий өзлик, жақсылық, қәдирият  сыяқлы түсиниклер дағдарысқа бет бурып атырғаны  еске алынғанда, елимиздеги тынышлық қәдири айқын көзге тасланады.

– Ғәрезсизлик – Алланың ел-журтымызға ең үлкен сыйлығы, жемиси. Ҳәр бир күн, ҳәр бир  жылдың қәдирине жетип, шукиршилик сезими менен жасаў керек. Ата-бабаларымызды  еслеў, халықты разы етиў бойынша саўаплы ислерди көп ислесек, Алла бәрқулла жолымызды ашып береди, – деди Президент.

Ўатан мәпи жолында пидә болғанлардың ақыретлери абат болсын, тыныш елимизди Алла өз панайында сақласын, деп  пәтия етилди.

ӨзА