Сурхандәрья ўалаятының Термиз районында Өзбекстан – Аўғанстан шегарасында қурылған «Термиз халықаралық саўда орайы» еркин саўда зонасы пайдаланыўға тапсырылды.
Усы мүнәсибет пенен болып өткен салтанатлы мәресимде Өзбекстан, Аўғанстан, Әзербайжан, Қазақстан, Қырғызстан ҳүкиметлериниң делегациялары ҳәм басқа рәсмийлери, ири ислеп шығарыўшылар, исбилерменлер, мийнет ветеранлары ҳәм жаслар қатнасты.
Илажда Президентимиздиң басламасы менен кейинги жылларда Өзбекстан дүнья мәмлекетлери менен социаллық-экономикалық, мәдений, саўда ҳәм инвестициялық тараўларда өз-ара бирге ислесиў қатнасықларын жаңа форматта раўажландырып атырғаны айрықша атап өтилди. Бул процессте қоңсы Аўғанстан да Сурхандәрья ўәлаятының жақын шериклеринен бири болып киятырғаны атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы бәрқулла Аўғанстандағы жағдайға дүнья жәмийетшилигиниң итибарын қаратып келеди. Атап айтқанда, БМШ Бас Ассамблеясының 76-сессиясында «ҳәзирги қыйын дәўирде Аўғанстанды жалғыз, оны машқалалар ишине таслап қойыў мүмкин емес» екенлигин айрықша атап өткен болса, БМШ Бас Ассамблеясының 78-сессиясындағы шығып сөйлеген сөзинде Өзбекстан буннан былай да Орайлық Азияда жақсы қоңсышылық, турақлылық, өз-ара бирге ислесиў ҳәм раўажланыў орталығын беккемлеў жолынан исенимли баратуғынын атап өтип, Аўған халқына адамгершилик жәрдем көрсетиўди тоқтатпаў басламасын, «Бизге тыныш ҳәм турақлы, регионаллық бирге ислесиў процесслеринде қатнасатуғын, қоңсылары ҳәм басқа мәмлекетлер менен өз-ара пайдалы шериклик ушын Аўғанстан керек», деген идеяны алға қойған еди.
Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимизде жақын қоңсы Аўғанстан исбилерменлериниң өз бизнесин жүргизиўи ушын қолайлы орталық жаратылған. Соның ишинде, тек ғана Сурхан үлкесинде аўғанстанлы исбилерменлердиң қатнасыўында 210 нан аслам кәрхана жумыс ислемекте. Өткен жылы ўәлаяттың Аўғанстан менен сыртқы саўда айланысы дерлик 58 миллион долларды қурап, 2022-жылға салыстырғанда үш есеге өскен.
Ғәрезсизлигимиздиң 33 жыллық байрамы қарсаңында пайдаланыўға тапсырылған «Термиз халықаралық саўда орайы» еркин саўда зонасы да тиккелей мәмлекетимиз басшысының басламасы менен қурылды.
Президентимиздиң 2020-жыл 12-ноябрьдеги «Сурхандәрья ўәлаяты ҳәм Ташкент қаласында арнаўлы экономикалық ҳәм киши санаат зоналарының жумысын және де раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманына муўапық шөлкемлестирилген орай регионаллық саўданы раўажландырып, жергиликли өнимлерди сыртқы базарларға алып шығыў ушын шараят жаратыў, өзбек-аўған халықлары арасындағы экономикалық қатнасықларды және де жақсылаў ҳәм раўажландырыў арқалы жақсы қоңсышылық қатнасықларын тәмийинлеўге хызмет етеди.
Орайлық Азияда ҳәзирше бундай еркин саўда зонасы 36 гектр майданда бой тикледи. Баҳасы 70 миллион долларға тең жойбар Аўғанстан Пакистан ҳәм басқа мәмлекетлердиң исбилерменлерине санаат, тутыныў товарларының саўдасы және экспортты өсириўде әҳмийетли орын тутады. Қәнигелер комплекске жылына 1,5 миллион адам келиўи, оның жыллық саўда көлеми 1 миллиард 200 миллион доларды қурайтуғынын айтпақта.
Еркин саўда зонасында жаратылған жеңилликлер шеңберинде барлық сырт ел пуқараларына Өзбекстанға кириў визасысыз 15 күн орайда болыў ҳәм шығыў имканияты бериледи. Мультивалюта, яғный Өзбекстан сумы менен бирге АҚШ доллары, евро, Россия рубли ҳәм юань қабыл етиў системасы енгизилген. Орай аймағына келетуғын барлық товарлар бажыхана төлемлерисиз жайластырылады ҳәм шығарылады. Аймаққа банклер, нотариуслер ҳәм басқа мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў орайлары шөлкемлестирилген. Сондай-ақ, комплексте «Hilton Garden Inn» мийманханасы, «Akfa Medline» заманагөй медицина комплекси, «Central Asia University» бизнес мектеби, ири саўда орайы, ресторан, хостел, жылына 900 мың тонна жүк айланысы қуўатлылығына ийе ири логистика орайы және өндирис кәрханалары қурылған. Майданы 50 мың квадрат метр болған мың саўда дүканы, бир жылда 100 мың жүк машинасын қабыл етиў қуўатлылығына ийе автомобиль қойыў орны қурылған. Аўғанстаннан келиўшилер ушын Мозори Шариф қаласынан ҳәр күни автобус қатнаўы жолға қойылмақта.
Халықаралық саўда орайы Карачи – Термиз –Қазақстан – Россия транспорт коридорының әҳмийетли байланыстырыўшы бөлеги есапланып, Ҳинд океаны портларына шығыў имканиятын беретуғыны менен әҳмийетли болып есапланады.
Ири комплексте заманагөй технологиялар тийкарында өнимлерди қабыл етиў, сақлаў, қайта ислеў объектлери болып, жүклерди «Бир айна» принципи тийкарында жедел рәсмийлестириў ушын барлық қолайлылық жаратылған.
«Akfa Medline Ayritom» клиникасында 315 тәжирийбели шыпакер ҳәм басқа медицина қәнигеси радиология, стоматология, физиотерапия бөлимлери ҳәм поликлиникада сапалы хызмет көрсетеди. «Central Asia University» бизнес мектебинде шөлкемлестирилетуғын оқыў курсларында жылына 500 ден аслам аўған исбилермени саўда ҳәм өндирис бойынша маманлығын арттырыўы мүмкин. Барлық тыңлаўшылар зәрүр шараятларға ийе жатақхана менен тәмийинленеди.
Саўда орайында жақында жойбар баҳасы 4,5 миллион долларлық «Imzo» есиклерин ислеп шығарыў басланады. 25 адамның бәнтлигин тәмийинлейтуғын жаңа жойбардан жылына бюджетке 150 миллион сум қаржы түседи. «TERMEZ GOLD PRODUCTION» зергерлик буйымлары ҳәм ярым таяр зергерлик буйымларын ислеп шығарыў, «CITY-ELECTRIC GROUP» жақтыландырыў техникасы үскенелерин ислеп шығарыў кәрханалары да жумыс баслайды.
Жақын қоңсышылық ҳәм мәңги дослығымызды кеңнен көрсетип атырған саўда зонасының ашылыў мәресими қатнасыўшылары заманагөй орай менен жақыннан танысты.
Салтанатлы илажда Әзербайжан Республикасы Бас министриниң орынбасары Шахин Мустафаев, Қырғызстан Республикасы экономика ҳәм саўда министриниң орынбасары Назарбек Малаев, Қазақстан Республикасы саўда ҳәм интеграция министриниң орынбасары Кайрат Төребаев ҳәм басқалар қатнасты.
Мәресимде Өзбекстан Республикасының Бас министри Абдулла Арипов ҳәм Аўғанстан Бас министриниң ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы Бародар Мулла Абдул Ғани шығып сөйледи.
Холмўмин МАМАТРАЙИМОВ,
ӨзАның хабаршысы