Ташкент қаласында «Өзбекстан – Әзербайжан: өз-ара пайдалы бирге ислесиўдиң жаңа перспективалары» темасында халықаралық конференция болып өтти.
Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты тәрепинен Әзербайжан Республикасы Халықаралық қатнасықларды таллаў орайы менен биргеликте шөлкемлестирилген илажда еки мәмлекеттеги халықаралық қатнасықлар, экономика бағдарларында жумыс ислеп атырған илимий изертлеў институтлары, таллаў орайларының ўәкиллери қатнасты.
Онда шығып сөйлегенлер еки тәреп арасындағы өз-ара бирге ислесиўди беккемлеў экономикалық-социаллық, илим, билим, мәденият сыяқлы тараўлардың раўажланыўында әҳмийетли орын ийелейтуғынын атап өтти.
Илажда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Макроэкономикалық ҳәм аймақлық изертлеўлер институтының директоры Умид Обидхўжаев шығып сөйлеп, Өзбекстан ҳәм Әзербайжан арасындағы экономикалық бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдарларына тоқтап өтти.
– Әлбетте, Өзбекстан ҳәм Әзербайжан арасында бирге ислесиў имканиятлары оғада кең. Онда саўда-экономикалық қатнасықлардың бүгинги дәрежеси, сондай-ақ, өндирис имканиятларын итибарға алған ҳалда бирге ислесиўдиң буннан кейинги раўажланыўында үш әҳмийетли перспективалы бағдарды атап өтиў зәрүр. Олардың ишине аўыл хожалығы, туризм ҳәм банк секторын киргизиў мүмкин. Мысалы, Әзербайжан пахта шийки затын қайта ислеў бағдарында үлкен имканиятларға ийе. Мәмлекетте ҳәр жылы кеминде 270 мың тонна пахта шийки заты ислеп шығарылады. Өз гезегинде, Өзбекстан да бул бағдарда үлкен тәжирийбеге ийе. Сонлықтан пахта-тоқымашылық биргеликтеги кластерлериниң шөлкемлестирилиўи Әзербайжан пахташылығының, Өзбекстанда болса қайта ислеўши кәрханалар шийки зат базасының раўажланыўына түртки бериўи мүмкин.
Соның менен бирге, аўыл хожалығының раўажланыўын жер реформаларысыз көз алдыға келтирип болмайды. Бул бағдарда Әзербайжанның табыслы тәжирийбесин үйрениў, жер участкалары базарын шөлкемлестириў ҳәм тәртипке салыў, жер менен байланыслы қатнасықларды жетилистириўде жәрдем береди. Усы жылдың 2-3-май күнлери Экономикалық бирге ислесиў шөлкеминиң Бакуде өткерилген форумында туризм тараўындағы бирге ислесиўди және де беккемлеўге байланыслы мәселелер додаланған. Бул бағдарда өз-ара бирге ислесиўди раўажландырыў ушын туризм тараўында инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў, мийманхана бизнеси ушын кадрларды таярлаў, туристлерди тартыў, экофермаларды шөлкемлестириў, экотуризмди раўажландырыў бағдарында билим ҳәм тәжирийбе алмасыўда ҳәрекетлерди бирлестириў мақсетке муўапық.
Банк секторын алсақ. 2023-жылы Ташкентте өткерилген форумда жойбарларды қаржыландырыў ушын биргеликтеги инвестициялық фондты шөлкемлестириў ҳаққындағы келисимге қол қойылған. Оның нәтийжели жумыс ислеўи регионлараралық банк структурасының бар болыўын талап етеди. Соннан келип шыққан ҳалда, Өзбекстанда Әзербайжан банки филиалының ашылыўы еки тәреплеме бирге ислесиўди тереңлестириў жолындағы әҳмийетли қәдем болыўы мүмкин. Бириншиден, бул еки мәмлекетте бизнес жүргизиўши компаниялар ушын қаржылай операцияларды аңсатластырады, екиншиден, товар айланысының өсиўин тезлестиреди, үшиншиден, еки мәмлекетке де еркин капиталды тартыў имканиятларын арттырады, – деди У.Обидхўжаев.
Н.Зиёдуллаева, ӨзА